Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:48:39, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҒӘЛЛЕ ОРЫМ-ЖЫЙЫМЫНА БАҒЫШЛАНДЫ

Ҳәр жылдағыдай, ғәлледен мол өним жетистирип киятырған Әмиўдәрья районында 3350 гектар майданда жоқары зүрәәт жетистирилди. Дийқанлар ушын және бир жуўапкершиликли ғәллени орып-жыйнаў мәўсими басланды.

Өткен пийшемби күни Әмиўдәрья районындағы «Тошёп» аўылындағы «Бекман Аллаберганов» фермер хожалығында ғәллени орып-жыйнаў мапазын қысқа мүддетлерде сапалы өткериў, ҳәр бир мысқалын зая етпей жыйнап алыў мәселелерине бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

Семинарда район ҳәкими С.Йулдашев, Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси Баслығының орынбасары С.Хожаметов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирхановлар сөзге шығып, 2019-жыл зүрәәти ушын егилген, халқымыздың ырыс­қы-несийбеси болған ғәллени сапалы етип орып-жыйнаў бойынша әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларға тоқтап өтти. Районда мапазға 13 дана комбайнлар қатнасады. Ал, 35 дана жүк автомобильлери, 58 дана транспорт тракторлары, 92 дана тиркемелер түйекленген дәнлерди ғәлле қабыллаў орынларына тасып жеткерип береди. Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

***

Сондай-ақ, усындай көргизбели семинарлар Төрткүл, Елликқала, Беруний ҳәм Хожели районларында да болып өтти.

Қ.БЕГДУЛЛАЕВ.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF