Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:59:55, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАҢЛАЎДЫҢ  ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАЛЫҚ БАСҚЫШЫ 

2018-жылдың жуўмақлары бойынша «Ташаббус —2019» таңлаўын өткериў бо­йынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 14-апрельдеги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңесиниң 19-апрельдеги бийлигине муўапық таңлаўдың республикалық басқышы өткерилди.

Таңлаўды Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев ашып, өз сөзинде республикамызда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў бағдарындағы реформалар бас­қышпа-басқыш әмелге асырылып, оның раўажланыўы нәтийжесинде барлық аймақларда экономикалық раўажланыўлар көзге тасланып атыр­ғанлығын, сондай-ақ, усы таңлаў қатнасыўшыларының, исбилерменлик пенен шуғылланыўшы жаслардың ҳәм ҳаял-қызлардың санының жылдан-жылға артып баратырғанлығын атап өтти.

Өзбекстан Республикасы «Өнермент» бирлеспесиниң баслығы У.Абдуллаев, Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы А.Ибрагимов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президенти саўғалары ушын өткерилетуғын усы таңлаў мәмлекетимиз экономикасында болып атыр­ған унамлы өзгерислерди көрсететуғын тийкарғы ўақыя екенлигин, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлаўда, оларды хошаметлеўде үлкен әҳмийетке ийе екенлигин айрықша атап өтти.

Таңлаў «Санаат тараўындағы ең жақсы исбилермен» бағдары бойынша Тақыятас районындағы «Атияж Гүлзар» ЖШЖ баслығы Азат Мустафаев, «Хызмет көрсетиў тараўындағы ең жақсы исбилермен» бағдары бойынша Нөкис қаласындағы «Нукус Зияда Нур» оқыў орайының директоры Зияда Утеназарова, «Ең жақсы фермер» бағдары бойынша Төрткүл районындағы «Азизхон-Шайимардон» фермер хожалығының баслығы Байрамдурди Сатликов, «Ең жақсы жас исбилермен» бағдары бойынша Нөкис қаласындағы «Нөкис лак бояўлары» ЖШЖ баслығы Асқар Артықов, «Ең жақсы өнермент» бағдары бойынша Шоманай районынан жеке исбилермен Разалия Матирзаевалар биринши орынды ийеледи.  Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланып, усы жылдың 20-21-июнь күнлери Ташкент қаласында болып өтетуғын финал басқышына жолламалар алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF