Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:20:06, 23.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СЫРТҚЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ БАЙЛАНЫСЛАРДЫ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎ ӘПИЎАЙЫЛАСТЫРЫЛДЫ

Президентимиздиң усы жыл 23-апрельде «Сыртқы экономикалық жумысты әмелге асырыўда админис­тративлик тәртип-қағыйдаларды буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен сыртқы экономикалық байланысларды әмелге асырыўда ҳәкимшилик тәртиплерди еле де жетилистириў бойынша ис-илажлары тастыйықланды.

Қабыл етилген бул ҳүжжетте 2021-жыл 1-январьға шекем «Бир айна» бажыхана мәлимлеме системасын енгизиў көрсетилип, өз гезегинде бул сыртқы экономикалық жумыс субъект­лерине төмендеги имканиятларды береди. Атап айт­қанда, импорт, экспорт ҳәм транзитке байланыслы бол­ған барлық түрдеги талапларды орынлаў мақсетинде стандартластырылған мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлерди бирден-бир өткериў каналынан пайдаланған ҳалда усыныў, норматив-ҳуқықый база тийкарында беккемленген, қәўипсизлик ҳәм конфиденциаллығы тәми­йинленген, сыртқы саўда келисимлерине байланыслы мағлыўматларды алмасыў, бажыхана, ўәкилликли уйым­лар ҳәм де исбилерменлик субъектлери тәрепинен рухсат етилген ҳүжжетлердиң рәсмийлестирилиў бас­қышларын аралықтан турып бақлаў, Өзбекстан Республикасы ҳәм сырт еллердиң эпизоотлық, карантин ҳәм фитосанитариялық жағдайлары ҳаққындағы ашық мағлыўматлардың актуал жағдайын қоллап-қуўатлаў, дәслепки мағлыўматлар тийкарында Өзбекстан Республикасы аймағына әмелде жетип келиўге шекем рухсат беретуғын мазмунға ийе ҳүжжетлерди бериў көрсетип өтилген.

Сондай-ақ, қарар менен айырым түрдеги ҳәкимшилик тосқынлық ҳәм мәмлекетлик уйымлардың қайталаныўшы функциялары бийкар етилип, сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларынан қатар ҳүжжетлерди талап етиўге тыйым салынды. Соның менен бирге, ветеринар ҳәм фитосанитар сертификатлары, ветеринар рухсатнамасын рәсмийлестириў ушын сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшысы тәрепинен экспорт етиўден 30 күн бурын арза менен мүрәжат етиў зәрүрлиги ҳаққындағы талап бийкар етилди. Карантин рухсатнамасын ҳәм экологиялық сертификатын бериў мүддети оларды алыў ушын нызамшылықта нәзерде тутылған ҳүжжетлер қосымша етилип, арза берген күннен баслап 5 жумыс күнинен аспаўы тийис. Елимиз аймағынан транзит түрде өтетуғын карантин астындағы товарлар төлем өндирилместен карантин тексериўинен өткериледи. Бажыхана жүк декларациясы «сары» коридордан «қызыл» коридорға өткерилген жағдайда бажыхана тексериўи, өткериўди әмелге асырған инспектор тәрепинен әмелге асырылмайды.

Қарар тийкарында айырым түрдеги товарларға хызмет көрсетиў ушын «Ўздавкарантин» инспекциясы, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бо­йынша мәмлекетлик  комитетлери менен биргеликте қәнигелестирилген өткериў пунктлери ҳәм бажыхана пост­ларында қолайлы орынларға жайластырылған лаборатория үскенелери менен тәмийинлеў реже­лестирилмекте.

Шегара постларында тийисли уйымлар менен биргеликте Өзбекстан мәмлекетлик шегарасы арқалы өтиў пунктлеринде қадағалаў процедураларынан өтиў регламентин үш ай мүддетте ислеп шығыў бо­йынша ўазыйпалар белгиленди. Сондай-ақ, шегара бажыхана постларында 24 саат даўамында өз-өзине хызмет көрсететуғын тийисли уйымлар тәрепинен көрсетилген хызметлерге төлемлерди әмелге асырыў, валюта алмастырыў, пул қаржыларын нақ ҳәм нақ емес есап-санақ банк операцияларын әмелге асырыў имканиятына ийе болған терминалларды турмысқа енгизиў нәзерде тутылған.

Нурлыбек ХОЖАНОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана бас­қармасының Жәмийетшилик ҳәм

ғалаба хабар қураллары менен байланыс топары аға инспекторы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF