Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:14:49, 16.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДИЙҚАН ХОЖАЛЫҚЛАРЫНДА ТАҢЛАП ГҮЗЕТИЎ

Усы жылдың 6-20-май күнлери Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы тәрепинен Хожели районындағы «Наў­рыз», «Жан Қоңырат» ҳәм де «Мустақиллик» мәҳәллелериндеги барлық дийқан (жеке жәрдемши) хожалықлары қурамындағы жер участ­каларын микродизимге алыў илажлары өткерилди. Таңлап гүзетиў арнаўлы ислеп шығылған 3-DХК форма (тәжирийбе ушын) «Дийқан (жеке жәрдемши) хожалығы таңлап гүзетиў сораўнамасы»нан пайдаланылып әмелге асырылмақта.

Сораўнамалар арнаўлы таярланған саўаллар избе-излиги бойынша сораў усылында хожалық баслығы яки хожалық ағзасының өз сөзинен алынған жуўаплар тийкарында толтырылмақта.

Гүзетиўди өткериўден тийкарғы мақсет ­ Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 31-июльдеги «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистикасы комитети жумысларын жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған «2017-2021-жылларда статистика жумысларын шөлкемлестириў нәтийжелерин түп-тийкарынан арттырыў, статистика мағлыўматлары сапасын ҳәм оларды тарқатыў системасын жақсылаў бо­йынша ис-илажлар бағдарламасы»нда белгиленген 2020-жылда аўыл хожалық өнимлерин ислеп шығыў ҳәм қайта ислеўде жергиликли халықтың қатнасын белгилеўши тийкарғы көрсеткишлерин қәлиплестириў ушын жер участкалары ийе­лериниң микродизимин өткериўге таярлық көриў болып есапланады.

Илажда хожалықтың улыўма тәрийпи, мийнет ресурслары ҳәм демографиялық сыпатламалары, жер ресурслары ҳәм олардан пайдаланыў (улыўма майданлар өлшеми, қурамы ҳәм аўыл хожалық жерлеринен пайдаланыўы), егин түрлери бойынша майданлары, ыссыханалар ҳәм парниклер, көп жыллық терекзарлықлардың түрлери бойынша майданлары, аўыл хожалығы ҳайўанлары ҳәм таўықлардың түрлери бойынша бас саны, егинлерди сатыў ҳәм сатылған өнимлер көлеминиң жәми ислеп шыға­рылған көлемдеги үлеси, ислеп шығарыў инфраструктурасы, техника қураллары, хожалыққа көрсетилетуғын хызметлер ҳәм басқа көрсеткишлери үйренилмекте.

Булардың барлығы жергиликли халықтың турмыс дәрежесин ҳақыйқый баҳалаўға, қалаберсе, дәстурханымыздың молшылығына ҳәм базарлардың аўыл хожалық өнимлерине толысып барыўына хызмет етеди.

 

Н.МАДРЕЙМОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы Аўыл хожалығы ҳәм

экология статистикасы бөлими баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF