Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:05:56, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИШКИ ИСЛЕР УЙЫМЛАРЫ БАСШЫЛАРЫНЫҢ КӨШПЕЛИ ҚАБЫЛЛАЎЫ

Әмиўдәрья районында Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары Б.Одиловтың пуқараларды қабыллаўы болды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен шөлкемлестирилген илажға Ишки ислер уйымларының басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнлери Өзбекстан Республикасы Ишки ислер уйымлары басшыларының басламасы менен көшпели қабыллаўлар өткерилип, пуқараларды ойландырып жүрген мәселелер тиккелей орынларда шешимин таппақта. Райондағы «Чайкөл» аўыл пуқаралар жыйынында өткерилген гезектеги қабыллаўда пуқаралар тийкарынан  жумысқа қабыл етиў, пуқаралықты рәсмийлестириў, ишки ислер уйымларынан босатылған хызметкерлерди жумысқа қайта тиклеў, жынаят ислерин қайта көрип шығыў ҳәм басқада мәселелер бойынша 17 пуқара мүрәжат етти. Соннан үш пуқараның мүрәжаты сол жердиң өзинде шешимин тапқан болса, үш пуқараға ҳуқықый түсиник берилди. Қалған мүрәжатлар тараў басшылары тәрепинен көрип шығылып, ти­йисли илаж көрилетуғын болды.

Атап айтқанда, усы күни 26 жылдан берли пуқаралығы болмаған шахс сыпатында Елликқала районында жасап келген  С.Жулдызбаевтың өмиринде қуўанышлы ўақыя жүз берди. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары Б.Одилов оған Өзбекстан Республикасының пуқаралық паспортын салтанатлы жағдайда тапсырды.

— Өзбекстан пуқарасы болыў бахтына миясар еткен Президентимизге, бундай қабыллаўларды шөлкемлестирген Ишки ислер уйымларының басшыларына шексиз миннетдаршылық билдиремен,-дейди Салаўат Жулдызбаев. — Қалған жағында үлкен исенимди ақлап, елимиздиң раўажланыўы жолында хызмет етемен.

Сондай-ақ, пуқаралығы жоқ шахс гүўалығы менен жасап келген И. Мадиреймовтың пуқаралық паспортын алыў бойынша мүрәжаты унамлы шешилетуғын болды.

Усындай көшпели қабыллаў Кегейли районында да болып, онда 39 пуқара қабыл етилди.

Қабыллаўға Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Ҳ.Халимов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер минис­три А.Темирханов қатнас­ты.

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF