Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:55:27, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЙРАМ ҚУЎАНЫШЛАРЫ

Халықаралық балаларды қорғаў күнине бағышланған байрам илажы Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигине қараслы Аралбойы балалары ушын реабилитация ора­йына ийе болған «Имкан» мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде де болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, елимизде бирден-бир есапланған 120 орынға мөлшерленген бул мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң қурылысы жақында ғана сапалы етип пайдаланыўға тапсырылды.   Бул жерге тийкарынан сөйлеў, көриў ағзаларында, өсип-раўажланыўында нуқсаны болған 2 жастан 7 жасқа шекемги балалар қабыл етиледи.

Бүгинги күни бақшада 10 топарда 94 бала тәрбияланып, оларға 34 педагог ҳәм 25 медицина хызметкерлери тәлим-тәрбия берип ҳәм саламатлықларын тиклеп келмекте. Билимлендириў мәкемесин қәнигели кадрлар менен тәмийинлеў мақсетинде 9 медицина хызметкери усы жылдың январь айында Ташкент қаласында, 7 педагог хызметкер февраль айында Россияның Санкт-Петербург қаласында қәнигелигин арттырып қайт­ты.

Байрам тамашаларында балалар тәрепинен түрли миллетлердиң қосық ҳәм аяқ ойын­лары, тақмақлар атқарылды. Олар  салған сүўретлер, қол өнери үлгилери тәрбияланыўшылардың арасында қәбилетлилери көп екенлигинен дәрек береди.

Республикамыз көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры жәмәәти тәрепинен атқарылған сахналық көринислер балаларға айрықша қуўаныш бағышлады.

Илаж соңында тәрбияланыўшыларға қәўендерлер тәрепинен саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF