Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:56:22, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАРЛЫҚ ЖАҚСЫ НӘРСЕЛЕР БАЛАЛАР УШЫН

Усы жыл 1-июнь  балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен елимиздиң барлық қала ҳәм районларында илажлар болып өтти. Усы күни Хожели районындағы 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»н­де де байрам илажы өткерилди.

Байрамға бағышланған илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, балаларды байрам менен қызғын қутлықлады ҳәм байрам мүнәсибети менен усы жерде тәлим-тәрбия алып атырған балалар ушын алып келген баҳалы саўғаларын тапсырды.

Елимиздеги балаларға қаратылып атырған айрықша итибар себепли, олар ушын республикамызда, сондай-ақ, Хожели районында жаңадан салынып пайдаланыўға тапсырылған бир қатар объектлерди мысал сыпатында айтып өтип, оларды усындай шараятлардан утымлы пайдаланыўға, жақсы оқыўға шақырды ҳәм елимиз ушын керекли қәнигелер болып жетилисиўине тилеклеслик билдирди.

—«Меҳрибанлық үйи» 140 орынға мөлшерленген. Ҳәзирги ўақытта бул жерде 134 бала жасап, тәлим-тәрбия алмақта,-дейди усы мәкеме директорының орынбасары М.Қарлыбаев. — Бул жерде барлық шараятлар жаратылған. Атап айт­қанда, 80 орынлық оқыў ханалары, 100 орынлық асхана, китапхана, компьютер ханасы, спорт зал, спорт майданшалары, киши футбол майданшасы, жуўыныў ханасы, бассейн, ыссыхана, ойын ханалары, тренажёр ханасы ҳәм басқалар.

Илажда «Меҳрибанлық үйи»ниң «Қарс» урып шертетуғын саз әсбаплары ансамбли ҳәм «Таң ғумшалары» миллий аяқ ойын ансамблиниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

 ***

Усындай илаж Хожели районындағы 17-санлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде де болып өтти. Бул жерде ҳәзирги ўақытта ҳәр қыйлы нуқсанлығы бар 80 бала тәрбияланбақта.

Илажда шығып сөйлеўшилер балаларды қызғын қутлықлап, байрам мүнәсибети менен таярлап келген саўғаларын тапсырды.

Байрам илажы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Усындай илажлар ра­йондағы 3-санлы Республикалық арнаўлы мектеп-интернаты, Республикалық көп тармақлы балалар санато­рия­сы, 6-санлы Республикалық арнаўлы мектеп-интернатларында да шөлкемлескенлик пенен болып өтти.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF