Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:59:51, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖОЛЫМЫЗ БИЙҚӘТЕР БОЛСЫН ДЕСЕК

Тақыятас районлық Өрт қәўипсизлиги бөлимшеси хызметкерлери тәрепинен район аймағында жайлас­қан автотранспортларға жанар май ҳәм суйылттырыл­ған газ толтырыў шақапшалары көзден өткерилип, өртке қарсы өрт өшириў қураллары менен толық тәмийинлениўи ҳәм өрт өшириў автомашиналары жер асты суў алыў гидрантларының саз ҳалында болыўы ҳәм де суў сақлағыш ҳәўизлерин орнатып, бәрқулла суў менен тәми­йинлениўи шәрт екенлиги ескертилди.

Бүгинги күнде пуқараларымыз жеңил ҳәм жүк тасыў автомашиналарына орнатылған газ баллонын   арнаўлы қәнигелерге тексертип, газ баллонының сазлығына итибар қаратыўы, өмирине қәўип туўдырмаў ушын транспортларының техникалық қәўипсизлигиниң өз ўақтында көзден өткерилип барылыўын тәмийинлеп, өрт ҳәдийсесин болдырмаў ушын бийпәрўа болмаўы керек. Егер бул айтылған­ларға итибар бермесек, көп жыллардан берли жыйнаған мал-мүлкимизден санаўлы минутлар ишинде айрылып қалыўымыз ҳеш гәп емес, ҳәтте адам өмирине қәўип те туўыўы мүмкин. Тез жаныўшы суйықлықлар, газ ислеп шығарыў кәрханаларында ҳәрқыйлы итибарсызлықлар өртлерди келтирип шығаратуғынын умытпайық!

Сонлықтан транспорт қуралларына жанармай қуйғанда техника қәўипсизлигине айрықша итибар бериў, автотранспорт машиналарында қысқа тутасыў ямаса өрт келип шыққанда оларды тез сапластырыў ушын барлық жанармай қуйыў шақапшалары ҳәм транспорт түрлери бирлемши өрт өшириў қураллары менен тәмийинлениўи шәрт ҳәм автотранспортларға насаз, қолбала үскенелер, ҳәр түрли электр шырақларын орнатпаўды пуқараларымыздан өтиниш етемиз. Жоқарыда атап өтилген өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етсек, жолымыз бийқәтер болады деген үмиттемиз.

К.БЕКНИЯЗОВ,

Тақыятас районы ӨҚБ инспекторы, лейтенант.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF