Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:52:28, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ТЫРНА ПӘРЛЕРИ»

Жақында Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры әтирапы тамашагөйлерге лыққа толды. Себеби, бул күни   театр сахнасында япон халық ертеги есапланған «Тырна пәрлери» атлы спектакли тамашагөйлер нәзерине усынылды.

Атынан көринип тур­ғанындай-ақ, ертек тийкарында дөрелген спектакльдиң музыка ырғақлары режиссёр Амангелди Қудайназаров тәрепинен таңланған ҳәм сахналастырылған. Және де ертектиң дәўирге сай шеберлик пенен жаратылыўында сахна декорациялары художник Толыбай Шердаметов тәрепинен исленген.

Тийкарғысы, «Тырна пәрлери»ниң тамашагөйлер кеўлине қонымлы болып сахна жүзин көриўинде театрдың белгили ҳәм жас актёрлары өзлерине тапсырылған рольлерин, яғный Йохио (С.Арзиев), Цу (Өзбекстанға хызмет көрсеткен артист Л.Халықназарова), Ундзу (П.Төлегенов), Содо  (Ж.Бердибеков) ҳәм басқа да актёрлар шеберлик пенен атқарып шықты.

Спектакльде ертек қаҳарманларының өмирдеги ҳәрекетлери тамашагөйлер ушын тәсирли ҳәм қызықлы етип сәўлеленген.

— Бул классик спектакльде қанатынан жарақатланған тырнаға адамзат жәрдем қолын созып, емлеп, оның қайта пәрўаз етиўине жәрдем көрсетеди. Нәтийжеде тырна адам­затқа меҳир берип, жақсы көрип қалып, сулыў қызға айланып қайтып келеди. 

Бүгин спектакльди тамашалап отырып, бунда рольлерди атқарып атырған жас актёрларды көрип, қыялымда ертек ишине кирип қалғандай болдым. Және де ертекке сай жазылған нама ырғақлары, сахнаның безелиўи, қаҳарманлардың кийимлери ҳәммеси де шеберлик пенен таңланғанлығының гүўасы болдым. Бул жердеги барлық дөретиўшилерге миннетдарман,-дейди тамашагөйлердиң бири нөкисли З.Қазақбаева.

Спектакль жуўмақланыўына қарамастан тамашагөйлер тарқамай қыз­ғын қол шаппатлаўлар менен дөретиўшилик жәмәәтти қутлықлап, бул ертектиң ықласбентлер кеўлинен жай алатуғынын және бир мәрте атап өтти.

 Э.САГАЛАТДИНОВА,

Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрының әдебий бөлими баслығы. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF