Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:39:10, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

 МЕКТЕП   ЖӘМӘӘТИ  МЕНЕН   УШЫРАСЫЎ

Қарақалпақ баспасөзиниң көш баслаўшылары бол­ған «Еркин Қарақалпақстан» газетасының шөлкемлестирилгенине быйыл 95, «Вести Каракалпакстана» газетасына болса 100 жыл толады.

Бул сәне алдынан орынларда түрли илажлар, ушырасыў кешелери шөлкемлестирилип келинбекте. Усындай ушырасыўлардың бири жақында Кегейли районы Б.Кәримбердиев атындағы хожалық орайында жайласқан 4-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып өтти.

Бул мектеп тек районда ғана емес, ал, республикамыз көлеминде өзиниң ылайықлы орнына ийе билим дәргайларынан саналады. 1931-жылы ашылған бул мектепте түрли жылларда үлкемизге белгили инсанлар, халық хожалығының түрли тараўларының белсендилери тәлим-тәрбия алған. Академик Турсынбай Ещанов, генерал М.Баба­ниязов, Қарақалпақстан халық шайыры Кеңесбай Рахманов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер ғайраткери, композитор Қурбанбай Заретдиновлар оқыған бул мектепте бүгинги күнде 345 оқыў­шы заман талапларына сай билим алмақта.

Ушырасыў кешесин мектеп директоры Б.Өтемуратов кирис сөз бенен ашты. Соң «Еркин Қарақалпақстан» — «Вести Каракалпакстана» газеталарының бас редакторы К.Реймов жыйналғанларды газеталардың тарийхы, республикамыз турмысында тутқан орны, бүгинги күнде алып барып атыр­ған жумыслары менен таныс­тырды. Ушырасыў кешесинде Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналистлер Ө.Өтеўлиев ҳәм белгили шайыр, усы мектеп питкериўшиси  О.Сәтбаев, «Қарақалпақстан жаслары» газетасының бас редакторы С.Жаниев, мектептиң география пәни оқытыўшысы, Өзбекстан халық муғаллими Е.Алламуратовлар сөзге шығып, халқымыздың руўхый дүньясын байытыўда юбиляр газеталардың тут­қан орнын айрықша атап өтти ҳәм кеше қатнасыўшыларының сораўларына жуўаплар қайтарды. Кеше соңында мектептиң мәлимлеме-ресурс ора­йына мийманлар тәрепинен китаплар саўға етилди.

— Республикамыздың бас газеталарының ўәкиллериниң мектебимизге келип, бизлер менен ушырасыў өткериўи үлкен ўақыя деп ойлайман, - дейди мектептиң 10-класс оқыўшысы, немис тили бойынша Билимлер беллесиўиниң Қарақалпақстан басқышы жеңимпазы Гүлмийра Алқуўатова. — Бундай ушырасыўлар өсип киятырған жас әўладтың руўхый дүньясының ба­йып, елимиз келешегине бийпарқ қарамайтуғын инсанлар болып жетилисиўине хызмет етери анық...

Ушырасыў кешеси мазмунлы ҳәм тәсирли өтти.

 

Ф.МУСЛАТДИНОВА.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: ушырасыўдан көринислер.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF