ХАЛЫҚТЫҢ ДИЗИМНЕН ӨТКЕРИЛИЎИ — ӘҲМИЙЕТЛИ ПРОЦЕСС
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми 2020-жылда пүткил дүньялық халық ҳәм турақ жай фондын дизимге алыў бағдарламасын қоллап-қуўатлаўды итибарға алған ҳалда, халық санының анық есаплап шығылыўын тәмийинлеўди қатаң усыныс етпекте.
Бирден-бир есапқа алыў дәўиринде халықтың жынысы, жасы, шаңарақ жағдайы, мағлыўматы, турмыс дәрежеси, жасаў шараяты, бәнтлиги, миллети, пуқаралығы ҳәм басқа демографиялық, социал-экономикалық қәсийетлери бойынша жеке тәртипте есапқа алыў ҳәм толық характерлеў мақсетинде республикамызда 2022-жылы халықты дизимге алыў ислери әмелге асырылады. Бул Президентимиз тәрепинен усы жылы 5-февральда тастыйықланған «Өзбекстан Республикасында 2022-жылы халықты дизимге алыўды өткериў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Пәрманында атап өтилген ҳәм бул бойынша қатар ўазыйпалар белгиленди.
Усы жерде соны айтып өтиў керек, ғәрезсизлик жылларында бундай процесс усы күнге шекем болып өтпеген еди. Бул халықтың санына, жасы, жыныс қурамына оғада тәсир көрсеткен өзгерислер, пуқаралардың республика аймағындағы жайласыў қәсийетлери ҳәм басқа социал-демографиялық өзине тәнликлерге тийисли болған мағлыўматларды қоллаўдың сезилерли дәрежеде шеклениўине алып келип атырған еди. Пәрманға бола, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, сондай-ақ, қала ҳәм районлар ҳәкимликлери жанында 2022-жылы халықты дизимге алыўға көмеклесиўши аймақлық комиссиялар шөлкемлестирилди. Олар дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў менен байланыслы илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў, процесске жуўапкер бирге ислесиўши шөлкемлердиң жумыс искерлиги нәтийжелилигин асырыў, дизимнен өткериўге физикалық ҳәм юридикалық шахсларды, олардың мийнетине ис ҳақы төлеў мәселелерин шешеди.
Сондай-ақ, тийисли министрлик ҳәм мәкемелер менен биргеликте 20l9-жыл l-июльге шекем Өзбекстан Республикасының «Халықты дизимге алыў ҳаққында»ғы Нызамы жойбары ислеп шығылыўы да әҳмийетли саналады. Жойбарда халықты дизимге алыўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў мақсетлери, тәртиби, дәўири, мүддетлери, оны алдынғы сырт ел әмелиятында қабыл етилген заманагөй технология, методикалар тийкарында шөлкемлестириў, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў органларының қатнасыўы, олардың ўазыйпалары белгилеп бериледи. Әлбетте, халықтың дизимнен өткерилиўи республикамыз турмысында әҳмийетли процесс сыпатында орын ийеледи. Бул ҳәр бир пуқараның социал-экономикалық жағдайын тиккелей сәўлелендиреди. Соның менен бирге, келешекте халықтың турмыс жағдайын және де арттырыўда алып барылыўы керек болған жумыслар көлемин де көрсетип береди.
Қ.СИГАЕВ,
Демография ҳәм мийнет статистикасы бөлими баслығы.