Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:43:50, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘЖБҮРИЙ МИЙНЕТКЕ ШЕК ҚОЯЙЫҚ

Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң «Өзбекстан Республикасында мәжбүрий мийнетке шек қойыўға байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 349-санлы қарары 2018-жылы 10-май күни қабыл етилди.

Қарар бойынша Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм басқа нызам ҳүжжетлеринде пуқаралардың мийнет ҳуқықлары кепилленгенлиги, ҳәр қандай түрдеги мәжбүрий мийнеттен пайдаланыў, бирде жаза қоллаў менен қорқытқан түрде жумысларды орынлаўға мәжбүрлеўди қадаған етиўши нормалар барлығын есапқа алып ҳәкимликлер, барлық дәрежедеги мәмлекетлик ҳәм хожалық бас­қарыў органлары басшыларына анықланған ҳәр бир жағдай бойынша тийисли мәлимлемени ҳуқықты қорғаў органларына тезлик пенен жеткизиў тапсырылды.

Сондай-ақ, қарарда пуқараларды, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў мәкемелери, басқа бюджет хызметкерлерин, билимлендириў мәкемелери оқыўшыларын ҳәм студентлерди мәжбүрий мийнетке, соның ишинде район, қала аймақларын абаданластырыў ҳәм басқа да жумысларға, жумсаўдың алдын алып ҳәм буған шек қо­йыўды, лаўазымлы шахсларға қатаң интизамий шаралар көриў тапсырылды.

Қарар бойынша төмендегилер белгиленген:

Мәмлекетлик органлар ҳәм бас­қа шөлкемлер тәрепинен шембиликлер төмендеги шәртлерге қатаң бойсын­ған ҳалда тек ғана ықтыярый тәризде шөлкемлестириледи ҳәм өткериледи;

- улыўма халықлық шембиликти өткериў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли ҳүжжети яки Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары бар болғанда;

- шембиликлерде қатнасатуғын шахслар мийнет ететуғын тийисли шөлкемлер, аймақта мийнетти қорғаў ҳәм қәўипсизлик нормаларына қатаң бойсынған ҳалда өткериледи;

- пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тек ғана тийисли мәҳәлле аймағында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, балалар ҳәм спорт майданларын оңлаў, материаллық-мәдений мийрас объектлерин сақлаў, қәбиристанларды реконструкциялаў, оңлаў ҳәм де зәрүр ҳалатта сақлаў жумысларында халықтың ықтыярый қатнасыўынан ибарат.

Солай екен, ҳүкиметлик қарарды сөзсиз орынлаў бәршемиздиң ўазыйпамыз.

 

Бахадыр Нажимов.

Нөкис қаласы Әдиллик бөлими жетекши мәсләҳәтшиси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF