Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:53:52, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АНА ТИЛИН ҚӘСТЕРЛЕГЕН ӘЎЛАДЛАР

Шығысы Қызылқум ҳәм Қаратаў етеклери, қубласы ески Шылпық қорғаны, арқасы Нурымтүбек тоғайы, батысы Шоқтораңғыл менен шегараласатуғын «Қойбақ» аўыл пуқаралар жыйынында бүгинги күни тийкарынан туўысқан қазақ миллетине тийисли 1,5 мыңға шамалас халық тыныш-татыў өмир сүрмекте.

Аймақ турғынларының басым көпшилиги шарўашылық пенен күн кеширеди. Сондай-ақ, соңғы жыллары аўыл турғынлары республика ҳүкиметиниң «Мөлдек жер — мол дәрамат дереги» деген сүренин қызғын қоллап, дийқаншылық пенен де айланысып келмекте. Жы­йын аймағында бир улыўма орта билим бериў мектеби ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси жайласқан болып, оларда келешегимиз болған жас әўладлар заман талабына сай тәлим-тәрбия алмақта.

­ 320 орынға мөлшерленген мектебимизде ҳәзир 210 оқыўшы өзлериниң ана тилинде тәлим алмақта, - дейди бизге усы елаттағы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры Пәрўазхан Утениязова. ­ Мектебимизде оқыўшылардың тыянақлы билим алыўы ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Атап айтқанда, оқыў бинамызда еки компьютер класы, барлық пәнлер бойынша кабинетлер ҳәм лабораториялық ханалар, спорт залына ийемиз. Оларда өз кәсибиниң маманы болған 23 муғаллим билим бермекте. Оқыўшыларымыз да өзлерине жаратылған бундай имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, ҳәрқыйлы таңлаў ҳәм жарысларда сыйлы орынларды ийелеп, мектеп жәмәәти ҳәм ата-аналарын қуўанышқа бөлемекте...

Ҳақыйқатында да, мектептиң ишки турмысы менен танысар екенбиз, жоқарыда айтылған сөзлердиң тастыйығын тапқандай болдық. Атап айтқанда, быйыл­ғы оқыў жылында оқыўшылар арасында өткерилген пәнлер олимпиадасында қазақ тили ҳәм әдебиятынан 9-класс оқыўшысы Дәмеш Тәңирбергенова, 11-класс оқыўшысы Қундыз Көбейсинова, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен 9-класс оқыўшысы Камила Тилеўмуратова, 11-класс оқыўшысы Наргиза Қарлыбаева, инглис тилинен 9-класс оқыўшысы Гүлдана Минажова, ҳуқықтаныў пәнинен Мунира Азбергеновалар, билимлер беллесиўинде орыс тили ҳәм әдебиятынан 8-класс оқыўшысы Динара Алипбаева, ҳуқықтаныў пәнинен Гүлайым Қудайбергеновалар районда жеңимпаз атанып, республикалық басқышта да жоқары балл топлаўға еристи.

Сондай-ақ, мектеп оқыўшылары «Ең үлгили класс сәрдары», «Ең китапқумар мектеп», «Темурбеклер» әскерий спорт жарысы, «Аязий билимданлары» атлы таңлаўларда сыйлы орынларды ийелеп, өзлериниң талантларын кең жәмийетшиликке көрсетип келмекте.

­ 2015-жылы мектеп имаратына 216 миллион сумлық қайта оңлаў жумыслары жүргизилген болса, өткен жылы жергиликли бюджет есабынан 500 миллион сумлық капитал оңлаў жумыслары исленди, -дейди Пәрўазхан өз сөзин даўам етип. ­ Мине, усы исленип атырған жумыслардың барлығын бизлер келешегимизге исленип атырған ғамқорлық деп түсинемиз ҳәм оған бәрқулла әмелий ис пенен жуўап бериўге ҳәрекет етемиз...

 Ҳақыйқатында да, мектепте әмелге асырылып атыр­ған бундай үлгили ислер ўақты келип өзиниң унамлы нәтийжесин көрсетиўи анық. Буны өзлериниң ана тили ҳәм үрп-әдет, дәстүрлерин жыллар бойы қәстерлеп киятырған пидайы ҳәм мийнет сүйгиш педагогикалық жәмәәт ҳәм талантлы, излениўшең оқыўшылардың бүгинги көрсеткишлери дәлиллеп турғандай.

 Ә.ОРАЗОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

Қараөзек районы.

 СҮЎРЕТЛЕРДЕ: 1. «Шебер қоллар» дөгереги басшысы

Бағила Шатанова өз шәкиртлери менен.

2.  Бир топар ата-аналар ҳәм бүгинги күни Қазақстан Республикасында

жасаўшы мектеп питкериўшиси Баўыржан Қоразбеков

ана мектебине китаплар саўға етпекте.

Автордың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF