Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:39:39, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МҮЛКЛЕРИҢИЗДИ ҚОРҒАҒЫҢЫЗ КЕЛСЕ...

Қорғаў хызметиниң ең баслы ўазыйпалары бул мәмлекетимиздиң байлықлары, пуқараларымыздың меншик мал-мүлклерин қорғаў болып есапланады.

Мәкеме, кәрхана, шөлкем ҳәм де пуқаралар менен дүзилген шәртнама тийкарында қорғалып турған объектлерден ҳәм пуқара үйлеринен жүз бериўи мүмкин болған урлықлардың ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў, олардың қорғалыў жағдайын күшейтиў бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы 1-айрықша батальоны тәрепинен бир қатар жумыслар исленип атыр.

Улыўма 1-айрықша батальон хызметкерлери тәрепинен қорғалып турған объектлер ҳәм пуқара үйлеринен усы күнге шекем объектлерге орна­тылған техникалық қорғаў-сигнализация үскенелери жәрдеминде урлықлар жүз бермеди. Бул жумысларды талап дәрежесинде шөлкемлестириў ушын хызметкерлеримиздиң сана-сезими, олардың кәсиплик маманлығын асырып барыў менен бир қатарда қорғаўда турған объектлер ҳәм пуқара үйлериниң техникалық беккемлигин  заманагөй қорғаў үскенелери менен тәмийинлеў жумыслары алдымызға қойылып, басқышпа-басқыш иске асырылмақта.

Биз ушын қорғалып турған объект­лерден жүз бериўи мүмкин болған урлықлардың алдын алыў бойынша қорғаўдың сапалылығын арттырыў, олар­ға заманагөй қорғаў-сигнализация үскенелерин орнатыў, исенимли қорғаў дәрежесин көтериў бойынша қосымша имканиятларды излеўге, бизге мүлкти қорғаў ушын тапсырған пуқаралар, кәрхана ҳәм мәкемелердиң исенимин ақлаў ушын бар күш ҳәм үскенелерден сапалы пайдаланыўға түртки болмақта.

1-айрықша батальон тәрепинен мәмлекетлик ҳәм пуқаралардың турақ жайларындағы жеке меншик мүлклерин қорғаў Техникалық қорғаў пультлери жәрдеминде иске асырылады.

Пуқаралар жеке меншик үйлери ҳәм көп қабатлы жайлардағы ханаларына Техникалық қорғаў пунктлериниң электронлы қорғаў үскенелерин орнатып, үйлериндеги орнатылған телефон линиялары арқалы қорғаўға тапсырса, жайларының қараўсыз қалмағанлығына толық исенип, демалысларға ҳәм басқа да жумысларына арқайын кетиў мүмкиншиликлерине ийе болады.

 

Саўлат ЖОЛДАСБАЕВ,

Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы

1-айрықша батальоны 1-отряд командири орынбасары, майор. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF