Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:03:03, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МИЙИРБИЙКЕЛЕРИМИЗ ЖЕҢИМПАЗ  БОЛДЫ

Мәмлекетимизде барлық тараўлар қатары денсаўлықты сақлаў тараўына да айрықша итибар қаратылмақта. Әсиресе, Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында медицинаның ҳәр бир жөнелисинде үлкен өзгерислер, жаңаланыўлар әмелге асырылмақта.

Бул бағдарда шыпакерлер менен бир сапта турып, халықтың аўырын жеңил етиўге, оларға бийминнет медициналық жәрдем көрсетип, разылығына, миннетдаршылығына ерисиўге умтылып атырған мийирбийкелердиң хызметлери де ҳүрметке ылайық.

Ташкенттеги шыпакерлердиң билимин жетилистириў институтында быйыл биринши мәрте «Жылдың ең жақсы орта медицина ҳәм фармацевтика хызметкери» таңлаўының республикалық басқышы болып өтти.

 Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў минис­трлиги, Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңеси ҳәм Өзбекстан Мийирбийкелер ассоциациясының бас­ламасы менен шөлкем­лестирилген бул таңлаўда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық басқышларынан таңлап алынған мийирбийкелер 11 номинация бойынша беллести. Итибарлы тәрепи сонда, онда жасына қарамастан барлық мийирбийке ҳәм фармацевт хызметкерлер белсене қатнасты.

Таңлаўдың жуўмақлаўшы басқышында төрешилер қурамы тәрепинен қатнасыўшылардың медицинадағы бүгинги реформалар процесинде тараўда алып барып атыр­ған жаңалықлары, өз кәсибине жуўапкершилиги ҳәм ис-тәжирийбесиндеги искерлиги инабатқа алынды.

Нәтийжелерге бола, республикамыздан Оразымбет Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайы  «Пульмонология ҳәм аллергология» бөлиминиң үлкен мийирбийкеси Зухра Қәлимбетова «Жылдың ең жақсы үлкен мийирбийкеси» номинациясы бойынша 1-орынға, Нөкис қаласындағы 7-санлы шаңарақ поликлиникасынан Улман Қайыпназарова «Жылдың ең жақсы шаншыў ханасы мийирбийкеси» номинациясы бойынша 2-орынға, Республикалық қәнигелестирилген Онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайынан Зульфия Алламуратова «Жылдың ең жақсы операция ханасы мийирбийкеси» номинациясы бойынша 3-орынға мүнәсип деп табылды.

Таңлаўдың 1-орын жеңимпазы Зухра Қәлимбетоваға Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң «Денсаўлықты сақлаў ағласы» көкирек нышаны берилди.

­ Мәлим болғанындай, мийирбийкелердиң билими, қарым-қатнас мәденияты медициналық хызметтиң қай дәрежеде екенлиги бойынша дәслепки көзқарасты қәлиплестиреди. Сондай-ақ, олардың билими, кәсиплик шеберлиги, өз исине жуўапкершилиги сапалы медициналық хызметтиң тийкары есапланады.

Быйыл биринши мәрте өткерилип атырған бул таңлаўдың биринши орын жеңимпазы болыў арқалы топ жарып шығыў аңсат емес екенлигин сезиндим. Лекин, ой-қыялларымды бир жерге жәмлеп, 15 жылдан аслам кәсиплик шеберлигимди көрсетиўди нийет еттим.

Алдағы ўақытта кәсибимниң раўажланыўы жолында оқып-изленип, жетик кәниге болыў, мақсетиме жетисиў ушын бәрқулла умтыламан. Себеби, усыншама шараят ҳәм имканиятлар жаратылып берилип атыр­ған екен, оған мүнәсип болыўымыз тийис.

Устазларымнан үйренгенлерим, сонша жыллық тәжирийбем ҳәм ең баслысы, кәсибиме болған меҳирим себепли бүгин усындай жоқары жетискенликке ерисиўге миясар болдым. Пайыттан пайдаланып, Өзбекстан Мийирбийкелер ассоциациясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Р.Мишенова, орайымыз бас шыпакери О.Ирисов, бөлимимиз меңгериўшиси Г.Мәмбеткәримова, ора­йымыз бас мийирбийкеси А.Далымбетоваға ҳәм бәрше кәсиплеслериме шөлкемлес­тириўшилик хызметлери ушын миннетдаршылығымды билдиремен,-дейди «Жылдың ең жақсы үлкен мийирбийкеси» номина­циясының жеңимпазы З.Қәлимбетова.

Таңлаў номинациялары бойынша биринши, екинши ҳәм үшинши орын жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Г.ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: таңлаў жеңимпазлары.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF