Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:47:14, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЗУЛМЕТКЕ  ТҮСИП  ҚАЛЫЎДАН  САҚЛАНАЙЫҚ!

Лицейимизде «Биз радикализм, миссионерлик ҳәм прозелитизмге қарсымыз» темасында ушырасыў кешеси болып өткели берли онша көп ўақыт өтпеди.

Оны директорымыз Қ.Қалқоразовтың өзи басқарды. Кеше мийманларынан еситкен төмендеги сөзлер мени әдеўир сергеклендирди.

А.Жолаўшиев (Нөкис қаласы Имам ийшан Муҳаммед жәмәәтлик мешити имам кәтиби орынбасары):

­ Ислам нықабы астындағы терроршылық ағым ҳәм топарлардың көбейиўи, олар тәрепинен түрли бас­қыншылық,бузғыншылық ислериниң әмелге асырылыўы ХХ әсирдиң екинши ярымында өзиниң жоқарғы шыңына жетти. Бир жағынан мусылман еллери тәбийғый байлықларға бай болса, екинши тәрептен бул регионды ийелеў арқалы бир неше үлкен геосиясий күшлерге соққы берсе болады. Әне, усы мақсетлерде дүньяда өз гегемонлығын орнатпақшы болған күшлер Орайлық Азияны да және бир тынышлығы бузылған, аўызбиршилиги жоқ орынға айландырыўға ҳәрекет етпекте.

Д.Бекимбетова (НМПИ академиялық лицейиниң миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедра оқытыўшысы):

­ Миссионерлик ­ қандай да бир динге сыйыныўшы халықлар арасында бас­қа бир динди үгит-нәсиятлаў, прозелитизм болса ­ қандай да бир динге исенген пуқараны өз дининен ўаз кешиў ҳәм өзге динди қабыл етиўге мәжбүрлеў болып табылады.

Миссионерлик тийкарынан христианлыққа тән болып, бул ҳәрекет христианлық Византия империясында мәмлекет дини сыпатында дағаза етилгеннен баслап алып барылады. Усы ҳәрекеттиң дәслепки дәўиринде христиан миссионерлери өзлериниң миссионерлик ҳәрекетлерин Европа ҳәм Жақын Шығыстағы көп динге сыйынып келген халықты бир динге сыйыныўды үгит-нәсиятлаўдан ибарат деп көрсеткен.

Ҳәзирги ўақытқа келип, дүнья халқының 80-90 проценти өз динине, айырым жағдайларда жеке динге ийе болған дәўирде «миссионерлик» ҳәрекетлери тиккелей жергиликли халықты «евангелизация» етиўге, яғный, өз динине аўдарыўға қаратылғаны болады. Мағлыўмат­ларға қарағанда, республикамыз пуқараларының 99 проценти өзин қандай да бир динге тийисли екенин мәлим еткен, соннан 90 процентке жақыны мусылманлар, 7-8 процентке жақыны православлар ҳәм басқа дин ўәкиллерин қурайды. 

Диний экстремизм ҳәм терроризм жаман ақыбетлерге алып келеди. Соның ушын бундай ислерден аўлақ болың. Бундай жаман ислер менен шуғылланған адамлар мәмлекет тәрепинен жазаға тартылады. Ҳәрдайым сергек болың.

Бундай түсиниклерди зәрре бурынырақта тарийх илимлериниң докторы Я.Абдуллаева, Нөкис қалалық ҳәкимлигиниң дин ислери бойынша бас қәнигеси Х.Незаматов, инспектор Ф.Әлеўов, академиялық лицей директорының орынбасары Г.Машарипова ҳәм бас­қалар тәрепинен де түсиник берилген еди. Ҳәтте «Зулметтеги өжире» видеофильми де қойып берилди.

Бул еситкенлерим мени әдеўир тәшўишке салды. Соның ушын өзим қатарлы жаслар бундай жаман ҳәрекетлердиң тәсирине түсип қалмасын, сергек болсын, деген нийетте усы мақаланы жаздым.

Дүрдана ПЕРДЕБАЕВА,

НМПИ академиялық лицейи оқыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF