Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:50:18, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

УНИВЕРСИТЕТКЕ  КИТАПЛАР САЎҒА ЕТИЛДИ

Мәмлекетимиз басшысы быйылғы жылдың 19-март күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде халықтың, әсиресе, жаслардың мәнаўиятын көтериў мәселесине айрықша тоқталып, «Ҳәр бир басшы өзиниң жеке китапханасынан өзи оқыған мектеп китапханасына китаплар саўға етсе, бул жақсы баслама болып, китапқумарлықты раўажландырыў менен перзентлеримиз тәрбиясына унамлы тәсир көрсетеди», деп атап өткен еди.

Бүгинги күнде Президентимиздиң бул басламасы мәмлекетлик уйымлар ҳәм кең жәми­йетшилик тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланбақта.

Сондай-ақ, Президентимиз жақында бул мәселе бо­йынша, яғный, жасларды мәденият, көркем өнер, физикалық тәрбия ҳәм спортқа тартыў, оларда хабар технологияларынан туўры пайдаланыў көнликпелерин қәлиплестириў, китап оқыўды үгит-нәсиятлаў, ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеўге тоқталып, тийисли министрликлер, шөл­кемлер басшыларына тийкарғы 5 бағдар бойынша анық тапсырмалар берилип, бул бойынша бүгинги күнде мәмлекетимиздиң барлық орынларында тийисли илажлар әмелге асырылып келинбекте.

Усындай ийгиликли ислердиң бири усы жылдың 21-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде шөлкемлестирилди.

Онда Қарақалпақстан Мусылманлары қазыятының қазысы, Мухаммед ал-Беруний атындағы Нөкис орта арнаўлы билим журтының директоры Шамсуддин Баҳауддинов өзиниң авторлығындағы ҳәм басқа да диний тараўға, жасларымызды руўхый бәркамаллыққа жетеклейтуғын 1000нан аслам китапларды университет Мәлимлеме-ресурс орайына саўға ретинде тапсырды.

Әлбетте, бул китаплардың арасында Қарақалпақстан Мусылманлары қазыя­тының көп жыллық тәжирийбе ҳәм мийнетлериниң жемиси сыпатында биринши рет қарақалпақ тилинде «Қураны кәрийм мәнилериниң қарақалпақ тилинде аўдарма ҳәм тәфсири» китабының баспадан шығыўы — ғәрезсиз елимиздеги диний тараўда исленип атырған қайырлы ислерден болып есапланады.

 

Р.АРЗИЕВ,

ҚМУ Баспасөз хаткери.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: илаждан көринислер.

Б.ИБРАГИМОВтың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF