ОҚЫЎШЫЛАРДЫҢ МИЗДАКХАНҒА САЯХАТЫ
Үлкемиз ески тарийхый қалалар ҳәм мәдений орынларға бай. Оны танысып үйрениў жаслар санасында ана-Ўатанға деген сүйиспеншилик ҳәм мақтаныш сезимлерин оятады.
Жас әўлад тәлим-тәрбиясында әҳмийетли орын тутатуғын бул саланы, яғный, ишки туризмди раўажландырыў бойынша республикамызда бир қатар унамлы ислер әмелге асырылмақта.
Жақында жас өспиримлер ислери бойынша Тақыятас районы мәкемелер аралық комиссиясы ҳәм район ҳажы аналары шөлкемлестириўи менен районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплеринде оқып атырған социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақ балалары ҳәм сабақлардан үлгили оқып атырған оқыўшыларды руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде 70 оқыўшы Хожели районындағы Миздакхан тарийхый комплексине саяхат етти. Онда оқыўшылар тарийхый орынлар менен танысып, Ўатанымыздың өтмиши бойынша өзлериниң билимлерин байытты.
Район ҳәкимлиги тәрепинен шөлкемлестирилип атырған бул саяхат оқыўшыларда айрықша тәсир қалдырды, - дейди 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң Жаслар аўқамы жетекшиси Альбина Алиева. Кем тәмийинленген шаңарақ балаларына исленип атырған бундай ғамқорлық ушын шөлкемлестириўшилерге шексиз миннетдармыз...
Район ҳәкимлиги алдағы ўақытлары бундай саяхатларды Хийўа, Бухара ҳәм Самарқанд қалаларына да шөлкемлестириўди режелестирмекте.
Палванбай МАНГИТОВ,
Тақыятас районы мәкемелер аралық комиссияның жуўаплы хаткери.