Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:44:05, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАСКЕТБОЛШЫ  ҚЫЗЛАРЫМЫЗ  ЧЕМПИОН  БОЛДЫ

Усы жыл 17-19-май күнлери Бухара ўәлаятында спорттың баскетбол түри бойынша 2004-2006-жыллары туўылған қызлар арасында ашық турнир өткерилген еди.

Турнирге Нөкис қаласындағы Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде тәрбияланып атырған сайланды командамыз нәтийжели түрде қатнасып қайтты.

Олар ўәлаятлардан келген барлық командаларды жеңип, бириншиликти қолға киргизди.

22-май күни Нөкис темир-жол вокзалында усы команда ағзаларын күтип алыў мәресими өткерилди. Оған мектеп басшылары, тараў қәнигелери ҳәм спортшы қызларымыздың туўған-туўысқанлары қатнасты.

Мәресимде мектеп директоры Д.Қалқоразов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, команда ағзаларын ҳәм жыйналғанларды ерисилген усы жеңис пенен қызғын қутлықлады ҳәм олардың алдағы ўақытлары да усындай жеңислерге ерисе бериўине тилеклеслик билдирди.

— Турнир белгили спортшылар Ҳикмат Содиқов ҳәм Ирек Бурнашевлардың естелигине бағышланып өткерилди. Усындай жақсы нәтийжелерге ерисиўимизге тренерлеримиз Халида Баймуратова, Алима Жиемуратовалардың қосқан үлеси көп, деп ойлайман,-дейди команда ағзасы Жулдызай Шарафутдинова. — Енди бизлер келеси жарысларға буннан да жақсы таярлықлар көрип барамыз.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Д.Оразбаеваның түсирген сүўретти.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF