Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:25:57, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПУҚАРАЛАР ЖЫЙЫНЛАРЫНДА САЙЛАЎЛАР ӨЗ ЖУЎМАҒЫНА ЖЕТТИ

Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң берген мағлыўматларына қарағанда, 20-май күни республикамыздағы барлық пуқаралар жыйынларында сайлаў мапазы өз жуўмағына жетти.

Республикамыздағы 411 пуқаралар жыйынларының барлығына баслық (ақсақал)лар сайланды. Өткерилген сайлаўларда 125 мыңнан аслам ўәкил даўыс берди. Бүгинги күнге шекем сайланған пуқаралар жыйынлары баслықларының 257си биринши мәрте сайланғанлар, 154и әмелдеги баслықлар болып есапланады. Соннан 45си ҳаяллар, 19ы  депутатлар. Усы сайлаўларда 975 талабан қатнасып, ҳәр бир орын ушын 2,4 талабаннан туўра келди.

— Сайлаўға байланыслы өткерилген барлық мәжилислерде пуқараларға сайлаўдың тәртип-қағыйдалары терең түсиндирилип барылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы аймағында пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары)н сайлаўды шөлкемлес­тириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши республикалық комиссия баслығының орынбасары Т.Романов. — Сайлаў процесслери белгиленген тәртип бойынша өткерилип, аймақтағы көшелерден сайлаўға келген ўәкиллер кабиналарда өзлери қәлеген талабанды белгилеўине толық шараят жаратылды. Комиссия ағзалары ҳәм жумысшы топар жыйналғанлардың алдында сайлаў бюллетенлери тасланған қутыны ашып, даўыслар санап барылды.

Сайлаўлардың ашық-айдынлығы толық тәмийинленди.

Енди усы жаңадан сайланған пуқаралар жыйынлары баслық (ақсақал)ларының тәжирийбесин арттырыў мақсетинде 88 саатлық оқыў курслары  шөлкемлестирилмекте. Оқыў курс­лары усы жыл 3-июньнен баслап аймақларға бөлинген ҳалда өткерилиўи режелестирилген.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF