Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:55:41, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЛАЛАРДЫҢ ЖАЗҒЫ ДЕМ АЛЫСЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ МӘСЕЛЕСИ ДОДАЛАНДЫ

Усы жыл 23-май күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде 2019-жылда республикамыздағы балалар дем алыў ҳәм саўалландырыў орайларының мәўсимге таярлығы, балалардың жазғы дем алысын талап дәрежесинде өткериў бойынша ўазыйпаларға бағышланған семинар болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, Өзбекстан Кәсиплик аўамлары Федерациясының жуўаплы хызметкери Ж.Ихтияров, Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы У.Жалменов ҳәм бас­қалар шығып сөйлеп, балалардың быйыл­ғы жылғы жаз мәўсимине таярлықтың барысы, дем алыўшыларға сапалы медициналық-профилактикалық жәрдем көрсетиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў, мәдений-ағартыў илажларын, спорт жарысларын шөлкемлестириў сыяқлы әҳмийетли   мәселелерге тоқтап өтти.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде усы жыл 17-май күни болып өткен кеңейтилген селектор мәжилисинде қабыл етилген қарарға муўапық балалардың жазғы дем алысын талап дәрежесинде шөлкемлестириў бойынша орынларда семинарлар өткериў белгиленген еди. Усы тийкарда шөлкемлестирилген илажда атап өтилгениндей, быйылғы жылы республикамызда 60 балалар дем алыс ора­йында жәми 27590 баланы, соннан 10 стационар түрдеги дем алыс ора­йында 5490 баланың  дем алыўы режелес­тирилген. Бул мақсетлер ушын жәми 1 миллиард 238,5 миллион сум, соннан, кәсиплик аўқамлары есабынан 5 стационар дем алыў орайында 3500 баланы саўалландырыў ушын 789,6 миллион сум, жергиликли ҳәкимликлер ҳәм қәўендер мәкемелер тәрепинен 5 стационар дем алыў орайында 1990 баланы саўалландырыў ушын 448 миллион 944 мың сум қаржы ажыратылмақта. Соның менен бирге, 50 мәденият ҳәм спорт саўалландырыў орайында 22100 бала саўалландырылады. Барлық дем алыў орайларында балалардың кеўилли дем алыўын шөлкемлестириў мақсетинде медицина пунктлери шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, 7 жастан 14 жасқа шекемги «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшылары, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлери, бағыўшысын жоғалтқан жәми 3050 баланы жазғы дем алыс мәўсиминде Ташкент қаласы, Қашқадәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятларындағы дем алыў орайларында, соның менен бирге, инталы 50 баланы Жиззақ ўәлаятындағы «Энерджи» дем алыс орайында саўалландырыў нәзерде тутылмақта.

Кәсип-өнер колледжлери оқыўшыларының бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде 10 «Мийнет ҳәм дем алыс» орайы шөлкемлестирилип, усы жылдың 15-майынан баслап 258 оқыўшы әмелият өтеп, дем алып атыр. Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси менен Ишки ислер министрлиги тәрепинен 100 балаға мөлшерленген «Тәрбия ҳәм спорт» саўалландырыў ора­йын, Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен зейинли балалар ушын «Интеллектуал» дем алыў орайын шөлкем­лес­тириў режелестирилген.

Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңесиниң жумысшы топары ағзалары тәрепинен усы жылдың апрель ҳәм май айларында  республикамыз аймағындағы балалар дем алыў орайларының мәўсимге таярлығы көзден өткерилип, анықланған кемшиликлерди саплас­тырыў бойынша ўазыйпалар белгиленген еди. Семинар барысында усы кемшиликлерди сапластырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар додаланып, мәўсимди шөлкемлескенлик пенен өткериў бо­йынша тийисли ўазыйпалар белгиленди.

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF