Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:58:20, 06.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШӨЛКЕМЛЕСКЕНЛИК ПЕНЕН  ӨТКЕРИЛДИ

Бүгинги күнде республикамызда пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) лаўазымына сайлаў сиясий мапазы жуўмақланып, жаңадан сайланғанлар өз жумысына  кирисип кетти.

Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапық­ластырыў бойынша Кегейли районлық Кеңеси баслығының биринши орынбасары, «Мәҳәлле» қайыр­қомлық жәмийетлик қоры районлық бөлиминиң баслығы Ш.Бердаховтың берген мағлыўматларына қарағанда, бүгинги күнде Кегейли районында 9 МПЖ ҳәм 9 АПЖ бар болып, онда 88870 халық жасайды.

«Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 23-статьясына тийкарланып, пуқаралар жы­йыны баслықлары (ақсақаллары)ның ўәкиллик мүддетлериниң 20l9-жылдың май айында тамамланыўына байланыслы Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңеси Президиумының усы жылдың 18-февралында 472-санлы қарары қабыл етилди. Усы қарарға муўапық, усы жылдың 1-мартында халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Қ151/44-санлы шешими қабыл етилди. Усы шешимге тийкарланып, 1-18-май күнлери аралығында райондағы 9 МПЖ ҳәм 9 АПЖларында пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) лаўазымларына талабанларды сайлаўлар болып өтти. Өткерилген сайлаўларға 6363 ўәкил қатнасып даўыс бериўи тийис болса, соннан 5742 ўәкил (86,5 процент) қатнасып, талабанларға даўыс берди. Сайлаўлар альтернативлик, жәриялылық ҳәм тең сайлаў ҳуқықы принциплери тийкарында болып өтти.

Сайлаўларда сайланған пуқаралар жыйыны баслықлары (ақсақаллары)ның он үши биринши мәрте сай­ланғанлар, бесеўи әмелдеги баслықлар болып, соннан екеўи ҳаяллар. Усы сайлаўларда жәми 48 талабан қатнасып, ҳәр бир орынға 2,6 талабаннан туўра келди.

Районда быйылғы жылда болып өткен пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) лаўазымына талабанларды сайлаў сиясий мапазы шөлкемлескенлик тәризде өткерилип, оларда сайлаўшылар өзлери қәлеген талабанларға исенимин билдирип, даўыс берди.

Сағынбай

ОРАЗЫМБЕТОВ, өз хабаршымыз.

Кегейли районы. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF