Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:45:58, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЗЫҚ-АЎҚАТ ӨНИМЛЕРИ ТАПСЫРЫЛДЫ

Рамазан айында жәрдемге мүтәж шаңарақлардың ҳал-жағдайынан хабар алыў, оларға қайыр-сақаўат көрсетиў адамгершиликтиң ең жоқары белгиси саналады.

Жақында Нөкис қаласы «Имам ийшан Муҳаммед» жомъе мешитинде бағыўшысынан айырылған, көп балалы ҳәм кем тәми­йинленген шаңарақларға материаллық жәрдем бериў мақсетинде Өзбекстан Мусылманлары басқармасы жанындағы «Вақф» қайыр­қомлық фонды тәрепинен акция шөлкемлестирилди. 

Онда Қарақалпақстан мусылманлары Қазыяты қазысы Ш.Баўатдинов, Өзбекстан Мусылманлары басқармасы жанындағы «Вақф» қайырқомлық фонды баслығы И.Халиловлар сөзге шығып, жыйналғанларды мүбәрек Рамазан айы менен қутлықлап, бул айда жәрдемге мүтәж инсанларға қайыр-сақаўат ҳәм ғамқорлықлар көрсетиў саўаплы ис екенлигин атап өтти.

Буннан соң Өзбекстан Мусылманлары басқармасы жанындағы «Вақф» қайыр­қомлық фонды тәрепинен республикамыздағы бағыўшысынан айырылған, көп балалы ҳәм кем тәмийинленген жүз шаңараққа он еки миллион тоқсан тоғыз мың сум муғдарындағы  азық-аўқат өнимлери инам етилди. Сондай-ақ, қала ҳәм район имамларына «Қураны Кәрим» китабы берилди. 

­ Еки перзентим бар. Шаңарағыма ун, ақ май, қумшекер ҳәм басқа да азық-аўқат өнимлерин саўға еткени ушын фонд жәмәәтине миннетдаршылық билдиремен, - дейди пайтахтымыздағы «Жийдели Байсын» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны, II топар майыбы Саламат Қурбанов. ­ Ила­йым, елимизде тынышлық, өз-ара татыўлық болсын! Халқымыз арасында усындай қайырқомлық акциялары өткериле берсин...  

Акция соңында қатнасыўшылар өзлерине көрсетилген бундай ғамқорлықтан кеўли толып, ҳүкимет басшыларына ҳәм дин тараўы  ўәкиллерине өз миннетдаршылығын билдирди.

 А.ОРАЗОВ,

арнаўлы  хабаршымыз.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF