Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:51:06, 23.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИНСАН МӘПИ ҲӘММЕ НӘРСЕДЕН ЖОҚАРЫ

Усы жыл 21-май күни Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовтың пуқараларды көшпели қабыллаўы болды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен шөлкемлестирилген илажға министрликлер менен мәкемелердиң, ҳуқық қорғаў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, 4 сектордың басшылары, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қат­насты.

— Биринши топар майы­бы болған өмирлик жолдасым ушын майыплық арбашасын сорап, тийисли орынларға мүрәжат еткен едим,-дейди Нөкис қаласындағы «Нәўпир» мәкан пуқаралар жыйынының тур­ғыны Жаңабай Базарбаев. —Бүгинги қабыллаўда маған усы арбаша тапсырылды. Буның ушын миннетдаршылық билдиремен.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы қәнигелериниң атап өткениндей, усы күни 89 пуқара 101 мәселе бойынша мүрәжат етти. Соннан 53 мәселе сол жердиң өзинде унамлы шешимин тапты. 37 мәселе тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренип шығылмақта. 11 пуқараға ҳуқықый түсиник берилди.

— Бундай көшпели қабыллаўлардың өткерилиўи исбилерменлик жумысымызды буннан былай да раўажландырыўымызда айрықша әҳмийетке ийе болмақта,-дейди «Нөкис Зыяда Нур» мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемесиниң директоры Зыяда Утеназарова.-2018-жылы ашылған билимлендириў мәкемемизде бүгинги күни  жасларға 15 түрдеги өнер бойынша  билим берип келинбекте. Жақын күнлерде инглиз, рус тиллери ҳәм уялы телефон оңлаў түрлери бойынша оқыў курсын ашыўды режелестирилип отырмыз. Көшпели қабыллаўға билимлендириў мәкемемизге жаңа имарат қурыў ушын жер орнын ажыратып бериўди сорап мүрәжат еттим. Мениң мүрәжатым Нөкис қаласы ҳәкимлиги басшылары тәрепинен үйренип шығылып, тийисли жәрдем берилетуғын болды.

Көшпели қабыллаў шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен Бос жумыс орынлары ярмаркасы өткерилди. Онда Нөкис қаласында 59 кәрхана ҳәм мәкеме өзлериндеги жәми 309 жумыс орны менен қатнасты. Ярмарка жуўмағында 34 пуқараға жоллама берилди. Сырт еллерде шәртнама тийкарында жумыс ислеўди қәлеўши жасларға Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги қәнигелери тәрепинен тәртип-қағыйдалары түсиндирилди. Буннан тысқары, 30 жумыссыз пуқараға жумысқа орналасыў, кәсипке қайта таярлаў, қәнигелигин арттырыў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша мәсләҳәт берилди.  

Қабыллаўға Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Ҳ.Халимов қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF