Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:28:52, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШАЙЫРДЫҢ  ТУЎЫЛҒАН КҮНИНЕ  БАҒЫШЛАНДЫ

Шайыр халқы сезимтал, кеўил сарайы кең, халқының қуўанышы менен қайғысына бирдей жан күйдирип, халық дәрти менен жасайды. Әлбетте, миллий әдебиятымызда жүдә көплеген талантлы шайырлар поэзияны өз усылында жазып, түрлише сәўлелендиреди.

Тарийх бетлеринде өшпес из қалдырған, бийбаҳа ҳәм тәкирарланбас талант ийеси, Өзбекстан Халық ша­йыры Муҳаммед Юсуфтиң туўылған күнине бағышланған, «Журтым жүрегинде жасайсыз» атамасындағы әдебий кеше Кегейли районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 26-санлы улыўма билим бериў мектебинде көтериңки руўхта белгиленди.

Кешеде мектеп директоры С.Алланиязова, Кегейли районлық жаслар аўқамы баслығы М.Мамбетиниязов, мектеп директорының руўхый ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Д.Реймова ҳәм мектебимиздиң өзбек тили пәни муғаллими Р.Асаматдиновалар сөзге шығып, сүйикли ша­йырымыз Муҳаммед Юсуфтиң қосықларының сыйқыры менен қүдирети, өзгешелик, лирикалық сезим, терең философиялық ой, оларда инсанды руўхый жетикликке шақырыўшы сезимлер, аўызбиршилик, тынышлық ҳәм татыўлық, Ўатанды сүўиўшилик, ҳадаллық сыяқлы идеялар бас тема болып жырланыўына кең түрде тоқтап, шайыр дөретпелеринен мысаллар келтирип, дәўирлер өтсе де дөреткен өлмес қосықлары халықшыллығы менен ажыралып, әўладтан әўладқа руўхый суўсын ўазыйпасын атқарып, мийрас болып қалатуғынлығын мақтаныш пенен тилге алды.

Әдебий кешеде шайыр өмири ҳаққында таярланған буклетлер, слайд­лары көрсетилип, оның қәлемине тийисли болған қосықлары мектеп оқыўшылары тәрепинен шеберлик пенен атқарылып шығылды. Буннан соң оқыўшылар шайыр шығармаларын әдебий талқылап, оннан жоқары руўхый азық алды. Қулласы, мектептеги әдебий кеше ҳәр тәреплеме мазмунлылығы менен жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырды.

  Р.Асаматдинова,

Кегейли районлық ХББне қараслы 26-санлы мектеп муғаллими.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF