Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:55:15, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ОРАЙДЫҢ ЖУМЫСЛАРЫ ТАЛҚЫЛАНДЫ

Халқымыз шаңарақты беккемлеўди әзелден муқаддес ўазыйпалардың бири деп есаплаўы тегин емес. Бул қәдирият нешше әсирлер даўамында әўладтан-әўладқа өтип келмекте.

Аңлаған болсаңыз, енди ғана есин таный баслаған нәрестелер де шаңарақ ағзаларын басқалардан ажыратып алып, оларға қарай талпынады. Шаңарақ қаншелли муқаддес мәскан екенлиги олардың санасына балалығынан-ақ сиңип барады. Үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримиз, мәдениятымыздан суўсынланған ул-қызларымыздың санасына жаслығынан ата-анасына көмек бериў, соң өз шаңарағы ушын жан күйдириў сезими сиңип барады.

Шаңарақты беккемлеў дүнья көлеминде баслы мәселе дәрежесине көтерилген машқалалардан бири. Шаңарақлар татыўлығы ҳәм беккемлигине ерисиў мақсетинде БМШ Бас Ассамблеясы 1993-жыл 20-сентябрьдеги жыйналысында 15-майды ҳәр жылы «Халық­аралық шаңарақ күни» ретинде белгилеў ҳаққында қарар қабыл етти. Соннан берли пүткил дүньяда, соның ишинде Өзбекстанда да «Халықаралық шаңарақ күни» кең түрде белгиленип келинеди.

 «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында 15-май «Халықаралық шаңарақ күни» мүнәсибети менен әмелге асырылып атырған жумысларды ғалаба хабар қураллары арқалы кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде брифинг өткерилди.

Оған басқарманың қалалық ҳәм районлық бөлимлериниң қәнигелери, Нөкис қалалық ПҲАЖ бөлими, мәкан пуқаралар жыйынларының мәсләҳәтшилери, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларының, мектеплердиң руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бо­йынша жуўапкер хызметкерлер, сондай-ақ, студент жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Брифингте  «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы М.Өтепбергенов қатнасыўшыларға орай тәрепинен бир жыл даўамында исленген жумыслар бойынша мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, орайдың республикалық бас­қармасы ҳәм оның қалалық, районлық бөлимлери тәрепинен шаңарақ беккемлиги, ажырасыўлардың алдын алыў, тынышсыз шаңарақларда саламат орталықты жаратыў, заманагөй шаңарақтың үлгили усылларын ҳәм «Шаңарақ — жәми­йет ҳәм мәмлекет қорғаўында» конституциялық принципин жас шаңарақларға кең үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, жаслар арасында шаңарақ қурыўдағы жуўапкершиликти түсиниўде халық, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар арасында унамсыз жағдайлардың алдын алыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылған.

Республикамыз бойынша 401825 шаңарақ болып, соннан 23530 кем тәмийинленген, 871 аўыр шараятта жасап атырған, ал, 160 тынышсыз шаңарақ болып дизимге алынған. Усы аўыр шараятта күн кеширип атыр­ған шаңарақлардың жағдайын үйренип шығыў мақсетинде олардың жағдайларынан тийисли шөлкемлер менен бирге хабар алынып, 871 шаңарақтың 412 сине «Жол картасы» ислеп шығылды. Нәтийжеде 59 шаңарақ усы шараяттағы шаңарақлар қатарынан шығарылды.

Республикамыз бойынша ҳәр түрли себеплер менен ажырасыўлар саны өткен жылларға салыстырғанда анағурлым дәрежеде азайыўына ерисилди.

Брифинг барысында усы басқарманың бас қәнигеси С.Қыдырбаев, Арнаўлы оқыў курсының баслығы М.Ҳәкимов, Нөкис қалалық ПҲАЖ бөлиминиң баслығы С.Пирназарова ҳәм басқалар сөзге шығып, республикамызда жаңадан жумыс баслаған бул басқарманың шаңарақ турмысын, машқалаларын үйрениўде бир қатар тийисли уйымлар менен биргеликте жумыслар алып барылып атырғанлығына тоқтады.

Халық, әсиресе, жаслар менен еле де тығыз байланысларды жолға қойыў арқалы шаңарақтың беккемлигине ерисемиз. Демек, шаңарақта ата-аналардың ҳәм перзентлердиң бир-бирине болған ҳуқық ҳәм миннетлери бойынша сәўбетлесиўлер, қәнигелердиң кеңеслери оғада зәрүр.

Ҳәр бир шаңарақта өзине жараса қыйыншылықлар болады. Шаңарақ ийелери машқалалы мәселени шийеленистирмей, бир-бири менен түсинисип, оның мақсетли шешимин табыўы керек.

Шаңарақ — еки адам арасында дүзиледи. Бирақ, шаңарақта кешетуғын про­цесс­лер тиккелей жәмийет турмысына тийисли. Хош, жуўапкер шөлкемлер шаңарақлық машқалаларға қалайынша кирип бармақта ҳәм оған қандай шешим табыў керек?

Биз қанша ҳәрекет етпе­йик, әмелдеги нызамларды халқымызға түсиндирмейик, қаншелли халық арасына кирип бармайық, олардың ҳуқықый санасы, ҳуқықый мәденияты қәлиплеспесе биз күткен нәтийжеге ерисе алмаймыз.

Мине, усы келтирилген пикирлер брифинг шөл­кемлестириўшилериниң ҳәм қатнасыўшыларының жуўмақлаўшы шешими болды.

Г.ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы

хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF