Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:36:56, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАҚСЕТИМИЗ — ШАҢАРАҚ, МӘҲӘЛЛЕ ТЫНЫШЛЫҒЫН ТӘМИЙИНЛЕЎ

Бүгинги күнде республикамызда енгизилип атырған «Қәўипсиз қала ­ қәўипсиз мәҳәлле» концепциясы тийкарында жәмийетлик тәртипти тәмийинлеўге ҳәм жынаяттың алдын алыўға қаратылған үлкен ислер әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2018-жылдың 16-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасына болған сапарынан кейин Өзбекстан Республикасы Бас Прокуроры, Ишки ислер министри басшылығында 2018-жылдың l8-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде қоспа жыйналыс өткерилди ҳәм жыйналыс қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен келисилген ҳалда «Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы ҳәм районларда жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәми­йетлик қәўипсизликти тәми­йинлеў бағдарындағы жумысларды және де жедел­лестириў бойынша илажлар бағдарламасы» бойынша «Жол картасы» тастыйықланды. Онда республикамызда жынаятшылықтың алдын алыў, жәми­йетлик тәртипти сақлаў, ҳуқықбузарлықларды болдырмаў ҳәм басқа да жүз бериўи мүмкин болған ҳәрқыйлы кеўилсиз ҳәдийселерге қарсы гүресиў бойынша профилактикалық илажларды, сондай-ақ, қәўипсиз аймақ жойбарын әмелге асырыў барысында ишки ислер уйымларының тийисли тараў хызметкерлерине ўазыйпалар белгилеп берилген.

Сол қатары, Қорғаў хызметине де аймақларда жайласқан пуқаралардың турақ жайлары, жеке меншик имаратлары, сондай-ақ, мәмлекетлик объектлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў барысында бир қатар ўазыйпалар жүклетилген.

Қорғаў хызмети ­ өз жумысларын «Өзбекстан Республикасы  Министрлер Кабинетиниң ишки ислер уйым­лары Қорғаў хызмети жумысларының барысын және де арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып әмелге асырып келмекте.

Қорғаў хызмети түрли көринистеги халық хожалығы объектлери ҳәм пуқара үйлериниң қәўипсиз қорғалыўын тәмийинлеў менен шекленип қалмастан, объектлер аймағында жәмийетлик тәртипти сақлаў, жынаяттың алдын алыў  ҳәм кирип-шығыў режимлерин қадағалап барыў ўазыйпаларын да атқарады.

Ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Қорғаў басқармасының орынлардағы бөлимлери тәрепинен 1192 объект ҳәм 1177 пуқараның үйлери қорғалып келинбекте. Бүгинги күнге келип қор­ғаўдағы бирде-бир объект ҳәм пуқара үйлеринде урлық жынаятлары ҳәм басқа кеўилсиз ҳәдийселердиң болыўына жол қойылмады.

Өткен 2018-жыл 12-декабрьде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүлклери қорғалыўын тәмийинлеў нәтийжелилигин арттырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул қарарда да пуқаралар үйлерин, олардың жеке мүлклериниң техникалық қорғаў пунктлери арқалы қорғалыўын шөлкемлестириў жумысларын әмелге асырыўда қолайлықлар жаратылды.

Атап айтқанда, Ташкент қаласында әмелге асырыл­ған техникалық қорғаў ҳәм орайластырылған ҳалда гүзетиўдиң автоматласты­рылған системасын бас­қышпа-басқыш басқа аймақларда енгизиў, мүлкти қорғаўға алыў имканын бериўши заманагөй технологияларды енгизиў, жаңа турақ жайларды қурыўда ишки ислер уйымлары менен келисип, оларды мәжбүрий түрде қорғаў-өрттен хабарландырыўшы сигнализация үскенелери ҳәм газоанализаторлар менен тәмийинлеў, республикамыз мәҳәллелериниң қәўипсизлик дәрежесин шереклик баҳалап барыў ҳәм ҳәр жылы «Ең қәўипсиз мәҳәл­ле» республикалық таңлаўын өткериў ўазыйпалары нәзерде тутылған «Қәўипсиз шаңарақ» концепциясы енгизилди. Қорғаў хызметиниң қурамында, қорғаўдағы объектлерде орнатылған қорғаў техникалық үскенелерин ҳәм қурылмаларын, монтаж-демонтаж етиў, ремонтлаў, оларға техникалық хызмет көрсетиў ҳәм эксплуатация етиў бо­йынша жумысларды әмелге асырыўшы «Qo’riqlash Servis» МУК шөлкемлестирилди. 2019-жыл 1-январьдан баслап физикалық ҳәм юридикалық шахслардың турақ жайлары ҳәм шаңарақларына оларға қорғаў хызметин көрсетиў дәўиринде пайдаланыўға берилетуғын қорғаў техникалық қурылмаларын орнатыў ҳәм бийпул техникалық хызмет көрсетиў қорғаў хызмети қәрежетлери есабынан әмелге асырылыўы жолға қойылды. Алдағы ўақытларда тазадан қурылыўы режелестирилген көп қабатлы турақ жайлардағы пуқара үйлериниң ҳәр бири Қурылыс министрлиги ҳәм Ишки ислер минис­трлиги менен келисилген ҳалда қорғаў-өрттен хабар бериўши сигнализация үскенелери ҳәм газоанализатор менен мәжбүрий тәмийинлениўи нәзерде тутылған.

 «Қәўипсиз қала ­ қәўипсиз мәҳәлле» жойбарын әмелге асырыўдан баслы мақсет ­ шаңарақлар, жеке мүлклер қәўипсизлигин тәмийинлеў болып есапланады. Солай екен, Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Қорғаў хызмети қанша көп пуқаралардың үйлериниң қорғалыўын тәмийинлесе, елимизде жүз бериўи мүмкин болған мүлкий түрдеги жынаятлардың алдын алған боламыз.

 

Т.БЕРДАХОВ,

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Қорғаў

басқармасы баслығының орынбасары, подполковник.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF