Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:49:59, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТРАСОЛОГИЯЛЫҚ ИЗЕРТЛЕЎЛЕРДЕ ИЗЛЕР ОБЪЕКТ ҲӘМ ИЗ СЫПАТЫНДА

Гносеологиялық тәрептен жынаят ислениўи ақыбетинде әтираптағы ҳәр қандай өзгерислер жынаят излери сыпатында тән алынады. Б.Шевченконың атап өтиўинше, «жынаят излери» түсиниги жынаяттың түрли басқышларында жынаятшының ис-ҳәрекетлери нәтийжесинде жүзеге келген ҳәр қандай материаллық өзгерислерди қамтып алады.

Бул жағдай криминалистика илиминиң раўажланыўы дәўиринде «из» түсинигиниң ҳәр қыйлы талланыўына себеп болған. Мәселен, «кең мәнидеги излерде» жынаяттың ҳәр қандай, сондай-ақ, жынаят ақыбетлери нәзерде тутылған болса, «тар мәнидеги излер» дегенде ол яки басқа объекттиң сыртқы дүзилисин сәўлелендириўши излер нәзерде тутылған.

Егер, издиң сәўлелениўи процесин ақырғы нәтийже деп қабыл ететуғын болсақ, сәўлелениў механизминиң өзин итибарға алмаўдың илажы жоқ. Бунда излер ол яки басқа объекттиң сыртқы дүзилисин сәўлелендирмеўи мүмкин, бирақ, олардың жүзеге келиў механизмин анықлаўға имканият береди. Бул қубылысты итибарға алар екен, И.Кертес объект­тиң сыртқы дүзилисин сәўлелендириўши излер менен бир қатарда ҳәрекетти көрсетиўши излерди де тән алыўды усыныс етеди.

Ҳәрекетти сәўлелендириўши излер адамның көнликпе, әдет ҳәм руўхый сыпатларын сәўлелендириўши излерге ҳәм де механикалық ҳәрекетти сәўлелендириўши излерге бөлиниўи мүмкин. Инсан көнликпелерин сәўлелендириўши биринши топардағы излерге функциональ-динамик комплексти (ФДК) сәўлелендириўши бир түрдеги ис-ҳәрекетти қайта тәкирарлаў нәтийжесинде жүз берген излер киреди.

Из пайда болған объектте жүзеге келген өзгерислердиң өзине сай қәсийетлерине қарай еки түрдеги излерге, яғный, көлемли ҳәм жүзеки излерге бөлинеди. Көлемли излер изди пайда етиўши объекттиң бузылыўы (деформациясы) нәтийжесинде жүзеге келеди. Бунда из қабыл етиўши объект пенен жақынласыў орны жаңа формаға кирип, объект сыртының ҳәр қыйлы дәрежеде бузылыўын сәўлелендиреди. Жүзеки излер болса, из қабыл етиўши объект сыртының өзгериси нәтийжесинде пайда болатуғын излерге айтылады.

Из қабыл етиўши объ­ектлердиң өзгерислериниң жайласыўына қарап, көлемли ҳәм жүзеки излер объект­те жергиликли яки переферик жайласыўы мүмкин. Жергиликли излер дегенде, из пайда болған объект шегарасында пайда болған излерге айтылады. Переферик излер болса, из пайда етиўши ҳәм из қабыллаўшы объектлердиң бир-бирине тийип турыўшы тәреплеринен тысқарыда пайда болады. Переферик излер из пайда етиўши объекттен сыртта да пайда болыўы мүмкин.

Бул тараў бойынша ҳәзирги ўақытта көплеп илимий жумыслар басып шығарылып, бир қанша илимпазлар трасологиялық экспертизасы, дәслепки трасоло­гиялық изертлеўлер ҳәм олардың түрлери бойынша шуғылланған. Олар арасында илимпазлар ҳәм қәниге криминалистлер сыпатында К.Суяров, Л.Баканова, Г.Грановский, А.Алексеев, А.Образцова, В.Белкин, Ю.Фёдоров, Н.Козловский ҳәм басқаларды атап көрсетиў мүмкин.

А.РАДЖАПБАЕВ,

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер

академиясының 3-курс курсанты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF