ТЕҢ САЙЛАЎ ҲУҚЫҚЫ ПРИНЦИНЕ ТИЙКАРЛАНЫП...
Бүгинги күнде республикамызда пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) лаўазымына талабанларды сайлаў мапазы қызғын өтип атыр.
Пуқаралар жыйыны баслығын (ақсақалын) сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша Нөкис районында исленип атырған жумыслар менен жақыннан танысыў мақсетинде «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қоры районлық бөлими баслығы Н.Сейтназаров пенен ушырасып, оннан төмендеги мағлыўматларды алдық...
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 99-статьясы ҳәм «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 23-статьясына тийкарланып, пуқаралар жыйыны баслықлары (ақсақаллары)ның ўәкиллик мүддетлериниң 2019-жылдың май айында тамамланыўына байланыслы усы жылдың 18-февралында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарарына муўапық, Нөкис районы ҳәкиминиң 2019-жыл 21-февральда шешими қабыл етилди. Районда сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша 17 адамнан ибарат комиссия қурамы тастыйықланып, сайлаў болып өтетуғын l ППЖ, 3 МПЖ ҳәм 6 АПЖларының ҳәр биринде 7 адамнан ибарат исши топар қурамы дүзилди. Жәми 52 талабан дизимге алынып, сәўбетлесиўден өткерилди. Усыныс етилген 36 талабаннан 27си таңлап алынды.
6-12-май күнлери аралығында райондағы «Қутанкөл», «Ақтерек» МПЖ ҳәм «Арбашы», «Қырантаў» АПЖларында пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) лаўазымларына сайлаўлар болып өтти.
«Қутанкөл» МПЖнындағы сайлаўда усынылған төрт талабаннан биреўи өз арзасы тийкарында сайлаў процесинде қатнаспайтуғынлығын мәлим еткенлиги себепли үш талабан қатнасты. Сайлаўға 254 ўәкилден 219ы қатнасты ҳәм даўыс берди. Сайлаўдың жуўмағында Икрам Узақов ең көп даўыс пенен «Қутанкөл» МПЖ баслығы болып сайланды.
«Ақтерек» МПЖнында болып өткен сайлаўда үш талабаннан Көбейсин Сержанов 82,2 процент пенен жеңип шықты.
«Арбашы» АПЖнында өткерилген сайлаўға усынылған үш талабаннан биреўиниң ҳүжжетлери сайлаў нызамы талапларына толық жуўап бермегенлиги себепли оған сайлаў процесинде қатнасыў ҳуқықы берилмеди. Бул сайлаўда Оразбай Дәўлетбаев ақсақал болып сайланды.
Ал, «Қырантаў» АПЖ ақсақалы лаўазымына усынылған үш талабанның да алған даўыслары 50 проценттен төмен болғанлығы себепли 167 даўыс алған Турсынбай Аташев пенен 168 даўыс алған Пурханатдин Хожановларға қайта даўыс бериў өткерилди. Сайлаўдың жуўмағында Турсынбай Аташевқа халық исеним билдирип, ақсақал болып сайланды.
Районда пуқаралар жыйыны баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын өткериў илажлары даўам етпекте.
С.ОРАЗЫМБЕТОВ,
өз хабаршымыз.
Нөкис районы.