ЖӘРИЯЛЫЛЫҚ ТИЙКАРЫНДА
Беруний районында мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары)н сайлаў альтернативалық тийкарда, жәриялылық ҳәм нызам шеңберинде анық тәризде шөлкемлестирилмекте.
Бүгинги күнге райондағы «Бостан», «Бунёдкор», «Дўстлик», «Хоразм», «Тўқимачи», «У.Жуманиёзов», «Полвош», «Қиёт» мәкан пуқаралар жыйынларында әҳмийетли сиясий мапаз жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенлиги себеп ең мүнәсип талабанлар пуқаралар ўәкиллеринен ең көп даўыс алып, мәҳәлле баслығы лаўазымына сайланды. Атап айтқанда, «Бунёдкор» мәкан пуқаралар жыйынына еки талабаннан Бахтиёр Атабуллаев, «Хоразм» МПЖна Бахтиёр Абдуллаев, «Тўқимочи» МПЖна Қаҳрамон Артиқов, «Шаббоз» МПЖна Илҳом Алимов, «Гулистон» МПЖна Қаҳрамон Юсупов, «Полвош» МПЖна үш талабаннан Элёр Худайберганов, «Жайҳун» МПЖна төрт талабаннан Айбек Сапарбаевлар мәкан пуқаралар жыйынлары баслығы (ақсақалы) болып сайланды.
Сайлаўлар өткерилетуғын аймақларда районлық сайлаўға көмеклесиўши комиссия тәрепинен китап ярмаркаларының шөлкемлестирилиўи, көркем өнер ғайраткерлери өзлериниң рәң-бәрең концерт бағдарламаларын қойып бериўи әҳмийетли сиясий мапаз процесинде ўәкиллердиң белсендилигин және де арттырмақта. Қулласы, районда сайлаў мапазы кең жәриялылық тийкарында өткерилмекте.
Лобархан БАЗАРБАЕВА.
Беруний районы.
СҮЎРЕТТЕ: сайлаў процесинен көринис.
Автордың түсирген сүўрети.