ИСЕНИМНИҢ ЖҮГИ АЎЫР...
Елимиз турмысындағы жүз берип атырған сиясий жаңаланыўлар экономикалық реформалар менен биргеликте әмелге асырылмақта. Жасаў шараятына қарай аўыл турғынлары бир-бирлерин жақсы танып-билгени ушын ҳал-аўҳалларынан хабардар болады.
«Бирлешик» аўыл пуқаралары жыйыны баслығы (ақсақалын) сайлаў болып өткен 14-май күни көкте жайма-шуўақлы қуяш күлимлеп турды. Байрам липасында жасанған аўыл-аймақта саз-сәўбетлер жаңлап, «бүгин сайлаў», «сайлаўға барамыз» дегенлердиң кейпияты көтериңки екенлиги байқалар еди. Пуқаралар жыйынында жасаўшы 4536 адамнан сайлаўға қатнасып, даўыс бериў ҳуқықына ийе 2817 пуқара арасынан 344 ўәкил сайланып, сайлаў өткерилетуғын 13-санлы мектепке қарай таң азаннан жол алысты. Жасырын даўыс бериў жолы менен өткерилетуғын сайлаўда кимди сайлап, кимге даўыс берерин кеўиллерине қупыялап ғана түйип алысқан еди. Сайлаўды шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша жети адамнан ибарат исши топар баслығы Садыўақас Ермеков өз ағзалары, районлық комиссия ҳәм республикалық көмекши топар көмеги менен нызам талапларына муўапық өтиўи ушын ислениўи керек болған жумысларды қалыўсыз орынлайды.
Есап-санақ комиссиясының баслығы Оңғар Сейтимбетов сайлаўда даўыс бериў ҳуқықына ийе 303 ўәкилден «Бирлешик» аўыл пуқаралар жыйыны баслығына (ақсақалына) еки талабанның бири Жақсылық Ешмуратов 243, Тамара Әметоваға 38 даўыс бергенин мәлимледи.
Жақсылық пенен Тамара өз қолларымызда өскен ул-қызларымыз ғой, даўыс берерден алдын талабанлар өз бағдарламаларын жәрия еткенде қунт пенен тыңлап отырдым. Жақсылықжанның бурын бул лаўазымда ислеп, бираз тәжирийбе топлағанын есапқа ала отырып, өз даўысымды бердим, - дейди нураный атамыз Теңел Қурбанбаев.
Бүгинги сайлаўда сайлаўшыларымыздың еки утысы бар. Сайлаў шөлкемлескенликтиң үлгисин көрсетип, жүдә аўызбиршилик пенен өткенине гүўа болдық. Талабан Жақсылық Ешмуратовтың 243 даўыс алғаны оған билдирилген үлкен исеним, - дейди Қарақалпақстан Республикасы сайлаў комиссиясының ағзасы, Қарақалпақстан Кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығы У.Жәлменов.
Исенимниң жүги аўыр, - деп сөз баслаған район ҳәкими Б.Янгибаев бүгинги күнде фермер хожалығында ислейтуғын аўылласларының исенимине ерисип, көп даўыс алғанлықтан «Бирлешик» аўыл пуқаралар жыйыны баслығы болып сайланған Жақсылық Ешмуратовтың мийнет жолына нәзер таслап, ҳәр тәреплеме баҳа берди.
Сайлаў барысында Өзбекстан Республикасы көлеминде өткерилип атырған «Китап акциясы» қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған әдебий ҳәм илимий китапларын сатып алыў бахтына миясар болды. Соңына қарай аўыл пуқараларының мүрәжатлары тыңланып, сиясий мапаздан үйлерине кеўилли қайтысты.
Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,
өз хабаршымыз.
Шоманай районы.