СЕРГЕКЛИК ЕЛ ТЫНЫШЛЫҒЫН ТӘМИЙИНЛЕЙДИ
Халықтың, әсиресе, ҳәр бир аймақтың тынышлығын сақлаў, пуқаралардың еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин, яғный, жасаў шараяты саламатлығы, қәдир-қымбаты ҳәм мал-мүлклерин қорғаў әҳмийетли ўазыйпа. Буларды әмелге асырыўда тийкарғы жуўапкершилик ишки ислер уйымларына жүклетиледи.
Бунда ҳәр бир аймақтың өзгешелигин есапқа алған ҳалда аймақтың контекстинде жынаятлардың алдын алыў бойынша илажларды өз ишине алған «Жол картасы»ның ислеп шығылыўы үлкен әҳмийетке ийе. Усы социаллық мүнәсибетлер көплеген мәмлекетлик ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм пуқаралар хызметине тәсир көрсетеди. Бул профилактикалық илажларды күшейтиў нәтийжесинде бирқанша жумыслар алып барылмақта. Соның менен бирге, жәмийетлик тәртип ҳәм халықтың қәўипсизлиги жәмийетшилик пикири менен бирге ишки ислер уйымларының хызмет тәсири үлкен. Атап айтқанда, жынаятлардың айырым түрлеринен урлық, тонаў, көзбоямашылық жынаятлары саны еле де кемеймегенлиги айқын көзге тасланады. Соның нәтийжесинде ишки ислер уйымлары ҳәм пуқаралар арасында турақлы байланыс орнатыў, мәҳәлле, аймақ, көше ҳәм басқа да жәмийетлик орынларды визуал гүзетиў үскенелери менен тәмийинлеў, орынларда ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша профилактикалық илажлар әмелге асырылмақта. Бундай илажларды әмелге асырыўда профилактика инспекторлары алыс аймақларда профилактикалық көзден өткериўди ҳәр күни әмелге асырып барып, өз ўазыйпасын жуўапкершилик пенен атқарыўы лазым. Сонда ғана ел тынышлығын тәмийинлеўге үлес қосқан боламыз.
Р.ТОЛЫБАЕВ,
ӨзРИИМ академиясының курсанты.