ҲӘКИМШИЛИК НЫЗАМШЫЛЫҒЫНЫҢ ӘҲМИЙЕТИ
Пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, жәмийетлик тәртипти сақлаў, шахс, жәмийет ҳәм мәмлекет қәўипсизлигин тәмийинлеў, ҳуқықбузыўшылықтың алдын алыў ҳәм профилактикасы бойынша елимизде исенимли ҳуқықый система жаратылған.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы «Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында»ғы Кодекси 1994-жылы 22-сентябрьде қабылланып, 1995-жыл 1-апрельден баслап рәсмий түрде күшке енгизилди. Бул нызам ҳүжжетлериниң тийкарғы ўазыйпасы — инсан ҳәм жәмийет раўажланыўы жолында пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, мүлкин, мәмлекет ҳәм жәмийет тәртибин, тәбийғый орталықты қорғаў, социаллық әдиллик ҳәм нызамшылықты тәмийинлеў, ҳәкимшилик ҳуқықбузыўшылықлар ҳаққындағы жумысларды өз ўақтында ҳәм объектив көрилиўин, сондай-ақ, бундай ҳуқықбузыўшылықлардың алдын алыўда, пуқараларды Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм Нызамларына әмел етиў руўхында тәрбиялаўдан ибарат.
Мине, усы жуўапкерли ўазыйпаны орынлаўда Өзбекстан Республикасы «Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында»ғы Кодекси, қандай ҳәрекет яки ҳәрекетсизлик ҳәкимшилик ҳуқықбузыўшылық есапланатуғынын, егер де усындай тәртип бузған шахсқа қайсы уйым ямаса лаўазымлы шахс тәрепинен қай тәртипте, қандай ҳәкимшилик жаза қолланылыўы ҳәм орынланыўын белгилейди.
Буннан тысқары, ҳәкимшилик нызамшылығының қәлиплесиўи республикамызда әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық тараўындағы реформалардың әҳмийетли басқышларын белгилеп берип қалмай, миллий нызамшылығымыздың раўажланыўында айрықша орынды ийелейди. Ғәрезсизликке ерискеннен соң бул бағдарда унамлы нәтийжелер қолға киргизилди. Тараўдағы реформалардың әҳмийетли басқышы саналған «Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында»ғы Кодекстиң тастыйықланыўы ҳәм турмысқа енгизилиўи, басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң қабылланыўы ҳәкимшилик нызамшылығымыздың жетилисиўине унамлы тәсирин тийгизди. «Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында»ғы нызамшылық ҳүжжетлердиң мониторингине нәзер салсақ, «Кодекске киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар нәтийжесинде анаў яки мынаў ҳуқыққа қайшы келетуғын ҳәрекет (ҳәрекетсизлик) ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти жеңиллестириўши ҳәм аўырластырыўшы санкцияларды нәзерде тутыўшы нормалар жүзеге келди. Суд-ҳуқық тараўын реформалаўдың тийкарғы қурамлық бөлими есапланған жаза системасын либералластырыў концепциясының енгизилиўи нәтийжесинде бир неше жынайый ҳәрекетлер ушын жынайый жуўапкершилик бийкарланды.
Мине усындай ҳәкимшилик нызамшылықты либералластырыў жумыслары, ең әўеле халқымыз мәплерин есапқа алып, олардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў мақсетинде әмелге асырылмақта. Себеби, мәмлекетимизде инсан ҳәм оның ҳуқық ҳәм еркинликлери ең уллы қәдирият сыпатында тән алынған.
М.ЖАББАРБЕРГЕНОВ,
Өзбекстан Республикасы ИИМ академиясының курсанты.