ҲӘР БИР КҮНДИ ҒӘНИЙМЕТ БИЛИП...
Президентимиз Ш.Мирзиёев басшылығында жақында болып өткен видео селектор мәжилисинде аўыл хожалығында әҳмийетли мәселелер, соның ишинде ғаўаша тәрбиясы, суўдан ақылға муўапық пайдаланыў сыяқлы илажларды нәтийжели өткериў додаланып, елимизде «Ғаўашада кепилликли зүрәәт жетистириўдиң ылғаллы бир айлығы» жәрияланды.
Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң республикамыз дийқан фермерлерине мүрәжаты қабыл етилди. Оған ис пенен әмелде жуўап қайтарыўды нийет еткен Кегейли районының аўыл хожалығы хызметкерлери ҳәр бир демди ғәниймет билип, өз-ара аўызбиршилик пенен белгиленген талапқа сай мийнет етпекте.
Ә.ОРАЗОВ,
арнаўлы хабаршымыз.
Кегейли районы.
СҮЎРЕТЛЕРДЕ: 1.(Солдан оңға қарай) отряд баслығы Ш.Бердақов, фермер А.Қайыпназаров ҳәм районлық Ирригация тармақлары басқармасы баслығы И.Еденбаевлар өз-ара ойласықта. 2.«Нийети қайыр» фермер хожалығы механизаторлары Т.Алламбергенов ҳәм Ю.Шамшетовлар механизаторлар үйинде.