НАЎАЙЫ БАБАМЫЗҒА АРНАЛДЫ
Данышпан ойшыл, ғәззел мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайының туўылғанына быйыл 577 жыл толады. Оның туўылған 9-февраль сәнеси республикамыздың оқыў орынларында кеңнен белгиленип, әдебий кешелер, дөретиўшилиги бойынша таңлаўлар шөлкемлестириледи.
Бабамыздың данышпанлық ҳәм тәрбиялық әҳмийетке ийе шығармалары жаслар арасында үйренилип атыр. Наўайы бабамыздың туўылған күни алдынан Нөкис Мәденият ҳәм көркем өнер колледжи оқыўшы-жаслары арасында оның шығармалары бойынша таңлаў ҳәм әдебий кеше шөлкемлестирилди. Бундағы тийкарғы мақсетимиз — Ўатанды сүйиўшилик, адамгершилик пазыйлетлерге тәрбиялайтуғын шығармаларын үйрениў арқалы жаслар қәлбинде уллы туйғыларды қәлиплестириўге бағдарланған.
«Қәне енди, жақсылық ислемейтуғын адам сирә жаманлық та ислемесе. Оның жаманлық етпегени, жақсылық ислеген менен барабар» деп нәсият етеди уллы шайыр Әлийшер Наўайы. Ол жас әўладқа данышпанлық пенен айтылған тәрбиялық әҳмийети үлкен жигирма томнан аслам әдебий мийрасларды қалдырды. Қарақалпақ әдебиятында Наўайы шығармалары дәстүрлери дәслеп Әжинияз Қосыбай улында, кейин ала Ибрайым Юсупов поэзияларында үлги сыпатында көринис тапты. Бул дөретиўши инсанлар өлмес шығармалары арқалы арамызда мәңги жасайды.
Н.БАЙЛЕПЕСОВА,
Нөкис Мәденият ҳәм көркем өнер колледжи оқытыўшысы.