БИРИНШИ ЕЛБАСШЫМЫЗҒА АРНАЛДЫ
Елимиздиң Биринши Президенти, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Ислам Кәримовтың 80 жыллық юбилейи республикамыздың барлық орынларында кең түрде белгиленди. Усы мүнәсибет пенен ушырасыў кешелери, таңлаўлар ҳәм спорт жарыслары шөлкемлестирилди.
Соны айрықша атап өтиў керек, Биринши Президентимиз елимизде дене тәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыўға, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў арқалы халықтың, әсиресе, өсип киятырған жас әўладтың денсаўлығын беккемлеўге айрықша итибар қаратқан еди. Әйне оның басламасы менен шөлкемлестирилген Балалар спортын раўажландырыў қоры тәрепинен мәмлекетимиздиң барлық орынларында спорт объектлери салынып, ҳәр қыйлы инвентарьлар менен тәмийинленди. Усы қордың жәрдеминде 2016-жылы 20-октябрь күни мектебимиз қапталынан 12х24 метр көлеминде спорт зал салынып, пайдаланыўға берилген еди. Бул тек мектебимиз ушын ғана емес, ал, «Саманкөл» аўыл пуқаралар жыйынына қараслы «Қамысшалы» елаты турғынлары ушын да әжайып саўға болды.
Биринши Президентимиздиң туўылған күни Хожели районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 20-санлы улыўма билим бериў мектебинде де белгиленди. И.Кәримовтиң естелигине бағышланып мектебимиз муғаллимлери ҳәм техник хызметкерлери арасында спорттың волейбол ҳәм баскетбол түринен жарыс шөлкемлестирилди. Оғада қызықлы өткен жарыс жуўмағында баскетбол бойынша муғаллимлер, волейбол бойынша болса техник хызметкерлер командасы жеңимпаз болды.
Жарыс жеңимпазлары мектебимиз басшылығы ҳәм Хожели районлық кәсиплик аўқамлары шөлкеми тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Гүлбану ЕРЖАНОВА,
Хожели районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы
20-санлы улыўма билим бериў мектеби директоры.