БИЗ УЛЛЫ ЖУРТ ПЕРЗЕНТЛЕРИМИЗ!
Өткен күни «Биз уллы журт перзентлеримиз!» сүрени астындағы жаслар фестивалы Қарақалпақстан Республикасының Төрткүл районында жоқары шөлкемлескенлик жағдайында болып өтти. Фестивалда республикамыздағы барлық миллет ўәкиллериниң жаслары бир журт перзентлериндей, татыўлықта, көтериңки кейпиятта байрамлады.