ЖУРНАЛ ЖӘМӘӘТИНИҢ УШЫРАСЫЎЛАРЫ
Ҳәзир жеделлик пенен раўажланып атырған заманның өзи ортаға қойып атырған кескин ҳәм әҳмийетли машқалаларды аңлаўда, оның шешимин ширели тил менен халыққа жеткериўде әдебият өз жуўапкершилигине үлкен турмыслық бағдарламаны алған. Бул бағдарлама сергеклик, қырағылық, өзин-өзи аңлаў, мәнаўият ҳәм билимлендириў, улыўмаинсаныйлық қәдириятлар ҳәм басқалардан ибарат.
«Жәҳән әдебияты» журналы 20 жылдан бери ийгиликли ислер байрағын жоқары көтерип, инсан мәниўияты ушын гүресип киятырған ой-пикир кәрўанларының бири. Өзбекистан Қаҳарманы, көрнекли әдебияттаныўшы алым, марҳум Азат Шарафатдинов дүзген бул журнал Өзбекистан баспасөзиниң ишинде гиреўли орын ийелейди. Бүгинги күни бул журналға белгили әдебияттаныўшы алым Шухрат Ризаев басшылық етеди. Журналдың дүзилгенине 20 жыл толыў мүнәсибети менен дөретиўшилик жәмәәт ағзалары басқа ўәлаятлар сыяқлы Қарақалпақстанға да өз оқыўшылары менен ушырасыўға келди. Жақында журнал жәмәәти Елликқала районында болып, бул жерде исленип атырған дөретиўшилик ислер менен жақыннан танысты ҳәм оқыўшылары менен ушырасты. Кешеде сондай-ақ, Төрткүл ҳәм Беруний районының оқыўшылары да журналдың және де мазмунлы шығыўы бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.
Журнал бас редакторы Ш.Ризаев өз сөзинде районға дөретиўшилик сапарының өзине тәнлиги, бул аймақ адамлардың кеўли ашық, кеңпейил, мийман дос, ең тийкарғысы, китапқумар екенлигин айрықша атап өтти. Буннан соң әдебияттаныўшы алым Ибраҳим Ғафуров «Егер жәҳән әдебиятын бир океанға уқсатсақ, қарақалпақ әдебияты усы океанның үлкен бир бөлеги, үлкен бир толқыны» деп қарақалпақ әдебиятына жоқары баҳа берди.
Ушырасыўда Қарақалпақстан халық шайыры Кеңесбай Кәримов, Өзбекистан халық шайыры Махмуд Тайыр, Қарақалпақстан бөлиминиң «Нураный» қоры баслығы, жазыўшы Шарап Уснатдинов, жазыўшы Хуршид Достмуҳаммад, шайыр Шарапатдин Аяпов, профессор Баҳадыр Кәримов, «Инсан ва қонун» газетасының бас редакторы, шайыр ҳәм драматург Қошқар Нарқабул, шайырлар Даўран Ражапов, Янгибай Қошқаров, Атажан Худайшукуров атындағы фонд баслығы Ибадулла Садуллаевлар сөзге шығып, жәҳән әдебият журналының турмысымызда тутқан орны ҳәм роли, журнал дөретиўшилик жәмәәтиниң әмелге асырып атырған ийгиликли ислери ҳаққында кең түрде тоқтап өтти. Ушырасыўда жас талантлылардың сахнаға шығыўлары кешеге өзгеше мазмун берди.
Мунаввар Юсупова,
Елликқала районы.