ЖОЛ САЛҒАН САЎАП, БИРАҚ...
Әзелден халқымызда «Жол салған, көпир қурған саўап» деген гәп бар. Әлбетте, бул айтылған ибара терең мазмун ҳәм әҳмийетке ийе. Минген көлигиңде ийниң қозғалмай мәнзилиңе жетсең, бирнешше шақырым узақлықтағы айланыс жолың қысқарып, туўры жолдан салынған көпирден өтип, әдеўир ўақтың тежелип, барар мәнзилиңе жетсең бундай ибратлы ислердиң басы-қасында турған, әмелге асырған қурылысшыларға қайта-қайта рахметлер айтасаң. Ал, қолымыздағы суд ҳүкими менен танысар екенбиз, бул жол қурылысы қәнигелериниң ислеген жынайый ҳәрекетлеринен хабардар болғаннан кейин қалай оларға рахметлер айтамыз!
Қус ушса қанаты, адам жүрсе аяғы күйетуғын сонша қум саҳралардан, кеңисликлерден кәрўан тартып өтилген, Батыс пенен Шығысты тутастырыўшы әййемги «Жипек жолы» бүгинлиги заманагөй асфальт-бетон төселген гүзарға айландырылмақта. Бүгинги күни республикамыз аймағынан өтетуғын А-380 «Гүзар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» халықаралық автомобиль жолының қурылыс жумыслары арнаўлы жойбарлар тийкарында қызғын алып барылып, бул ушын мәмлекетимиз тәрепинен қаншадан-қанша қаржылар ажыратылып, мақсетли жумсаў тапсырылып атыр. Тилекке қарсы...
Арқа-Батыс халықаралық мәмлекет әҳмийетиндеги автомобиль жолларын сақлаўға қәнигелестирилген оңлаў-пайдаланыў кәрханасы Қоңырат филиалы директоры ўазыйпасын атқарыўшы лаўазымында ислеп келген Ешмуратов Камилжан, филиал ис жүритиўшилери Алламбергенов Бердақ ҳәм Султанов Дүзелбай, «Трансжолқурылыс» мәмлекетлик унитар кәрханасы баслығы Бахтияр Маткаримов, қулласы, суд ҳүкиминде усы жол қурылысы жумысларында қатнасқан мәкемелердиң нызам бузыўшылықларға жол қойған жәми 21 жуўапкер хызметкерлердиң исми-шәрийпи келтирилген. Бир ашынарлысы, бул топар ҳуқықбузыўшылардың басым көпшилиги бурын да жынайый жуўапкершиликке тартылып, суд алдында жуўап берген.
Судланыўшылардың ислеген жынайый ҳәрекетлерине нәзер салар екенбиз, ҳәр бириниң нызамбузыўшылық ислеринде бирнеше мәрте «Буннан тысқары» деген абзацқа «сүрнигемиз». Пикиримизди бир ғана мысал менен айқынластырыўға ҳәрекет етейик. Судланыўшы К.Ешмуратов Арқа-Батыс халықаралық мәмлекет әҳмийетиндеги автомобиль жолларын сақлаўға қәнигелестирилген оңлаў-пайдаланыў кәрханасы Қоңырат филиалы «Жоллардан пайдаланыў» бөлими баслығы лаўазымында ислеген дәўиринде бирден-бир буйыртпашы хызмети «Инжинеринг компаниясы» бөлим баслығы А.Байымбетов, кәрхананың Қоңырат филиалы директоры М.Оразбаев ҳәм ис жүритиўши Б.Алламбергеновлар менен алдыннан жынайый тил бириктирип, буйыртпашы ҳәм бөлип алып ислеўши ортасында 2014-жыл 14-сентябрь күни дүзилген шәртнамаға тийкар район аймағындағы «Гүлистан» аўыл пуқаралар жыйыны «Гүлистан» массиви көшелериниң белгили бир бөлегинде қурылыс жумысларын әмелге асырыў барысында тийкарында орынланбаған жумыс көлемин буйыртпашының төлем қағазларына қосып жазып, тапсырылатуғын рәсмий ҳүжжетлерге қәлбеки мағлыўматлар киргизип, жалған мағлыўматларды қосып жазып, өзлерине исенип тапсырылған мәмлекеттиң жәми 4760900 сум қаржысын талан-тараж еткен.
Қарап көрсек, ҳүкимде анықланған, К.Ешмуратовқа қаратылған тәрепинде «Буннан тысқары» деп басланып, «талан-тараж қылған» деген сөз бенен жуўмақланатуғын отыз абзацты ушыратамыз.
Қулласы, жол салған саўап, бирақ - деп ойланамыз. Олар да бул ибараға қатаң әмел етип, жумысты шын ҳүжданы менен ислегенде, бүгингидей суд уйымы тәрепинен ҳүким оқылмай, керисинше, халықтың алғыс-рахметине бөленген болар ма еди...
Я.МУН.