ҮЛКЕМИЗ ТАРИЙХЫНЫҢ АЙНАСЫ
Қайсы бир халықтың бүгинги турмысын үйренетуғын болсақ, оның мәдениятына, көркем-өнерине, салт-дәстүрине, тарийхына тоқтап өтемиз. Журтбасшымыз “Өтмишти қәстерлемеген халықтың келешеги де болмайды” деп айтқанындай, бизиң қарақалпақ халқының келешеги тарийхымыз бенен тығыз байланыслы.
Музейлер - бул халқымыздың өтмишиниң, тарийхының айнасы. Музейсиз тарийхымызды көз алдымызға келтире алмаймыз. ЮНЕСКО шөлкеми тәрепинен 1977-жылы 18-май күни “Халықаралық музейлер күни” деп белгиленди. Мине усы сәнениң белгиленгенине быйыл 35 жыл толады. Ҳәр бир халықтың, миллеттиң тарийхый музейлери бар. Солардың бири Қарақалпақстан мәмлекетлик Үлке таныў музейи болып табылады.
Бүгинги күнде музейлерге үлкен итибар қаратылып, Президентимиз тәрепинен 1998-жылы 12-январьда “Музейлер хызметин түптен жақсылаў ҳәм жетилистириў ҳаққында”ғы қарарына муўапық “Өзбек музей” қоры дүзилди. Музей хызметин сәўлелендириўши “Мозийдон садо” журналы инглис, рус ҳәм өзбек тиллеринде турақлы шығып атыр. Және де Өзбекстан Республикасының 2008-жылы 12-сентябрьде “Музейлер ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилди. Ҳәзирги күнде усы нызам бойынша қор, экспозиция жумыслары исленип атыр.
Қарақалпақстан мәмлекетлик Үлке таныў музейиниң бир қатар хызметкерлери “Алтын мийрас” қоры, “Өнермент” бирлеспеси менен биргеликте 2011-жылы 23-28-октябрь күнлери Ташкент қаласында өткерилген “Style Uz” көркем-өнер ҳәптелигине миллий қарақалпақ отаўы ҳәм үй руўзыгершилик буйымлары менен қатнасты. Буннан тысқары, туризм ҳәптелигине қатнасып, көргизбе шөлкемлестирилди. Өзбекстан көлеминде өткерилген “Әсирлер сазасы” фестивалына музей көргизбеси менен қатнасып, сертификат ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.
Быйылғы 18-май “Халықаралық музейлер күни”не бағышланып, музей жәмәәти тәрепинен “Үлкемиз тарийхының ғәзийнеханасы” атлы көргизбе шөлкемлестирилди. Оған Нөкис қалалық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Г.Нурлепесова, “Мухаллес” дуўтаршылар ансамблиниң басшысы, Өзбекстан халық бақсысы Ғ.Өтемуратов, “Ниҳол” сыйлығының лауреаты, жыраў Ж.Пиязов, “Әсирлер сазасы” фестивалының жеңимпазы, бақсы Б.Асқарова ҳәм басқалар қатнасты. Музейдиң пидайы хызметкерлери республикалық кәсиплик аўқамы ҳәм Нөкис қалалық “Камалат” жаслар жәмийетлик ҳәрекети тәрепинен Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.
С.НУРАБУЛЛАЕВА,
музей директоры, Қарақалпақстан Республикасына мийнет сиңген мәденият хызметкери.