САМБОШЫЛАРЫМЫЗ АФРИКАДА ГҮРЕСЕДИ
Ғәрезсизлик жылларында елимизде дене тәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыўға қаратылған күшли дыққат-итибардың нәтийжесинде көплеген жас спортшыларымыздың халықаралық ареналарда мәмлекетимиз байрағын бәлент желбиретип киятырғанынан хабарыңыз бар. Соны да айтып өтиў керек, өзлериниң күшке толысқан жаслық жылларын усы тараўға арнаған бир қатар ветеран спортшыларымыз оларға өрнек көрсетип келмекте. Мәселен, алдынғы жылларда спорттың самбо гүреси түри бойынша ветеранлар арасында Беларуссия ҳәм Греция мәмлекетлеринде болып өткен жәҳән чемпионатларында бир қатар спортшыларымыз сыйлы орынларды ийелеп қайтқан еди.
Жақында спорттың усы түринен ветеранлар арасында Бухара қаласында гезектеги Өзбекстан чемпионаты өткерилген еди. Онда республикамыз самбошылары оғада жақсы нәтийжелерге еристи. Атап айтатуғын болсақ, 55-59 жасар спортшылар арасында гүрескен Қудайберген Наўрызбаев (74 кг.), 45-49 жастағы самбошылар арасында беллескен Сансызбай Юсупов (82 кг.) ҳәм Өсербай Ибрагимов (90 кг.) лар өз салмақ категорияларында Өзбекстан чемпионлығын жеңип алыў менен бирге, усы жылдың 18-21-октябрь сәнелеринде Марокконың Касабланка қаласында өткерилетуғын жәҳән чемпионатына жолламаны да қолға киргизди. Сондай-ақ, 40-44 жасар палўанлар арасында Манас Өтемуратов (68 кг.) екинши орынды ийелеген болса, 35-39 жастағы самбошылар арасында гүрескен Жанболат Үсенов (62 кг.) чемпионаттың қола медалын жеңип алды.
Жәҳән чемпионаты жолламасын қолға киргизген үш палўанымыз ҳәзирден баслап оған қызғын таярлық көрип атыр.
Мениң бундай абырайлы турнирге биринши мәрте жоллама алыўым. Қуда қәлесе, өзиме билдирилген исенимди ақлаўға ҳәм алыс Африкада мәмлекетимиз байрағын бәлент желбиретиўге ҳәрекет етемен, дейди Өсербай Ибрагимов.
Биз де көп санлы самбо ышқыпазлары атынан палўанларымызға ҳақ жол ҳәм олардың табыс пенен оралыўын тилеймиз.
С.ЖАНИЕВ,
арнаўлы хабаршымыз.