ҚАҲАРМАН ҲҮРМЕТИНЕ
БАҒЫШЛАНҒАН ТУРНИР
Елимиз әзелден Орайлық Азияда өзиниң батырлары, палўанлары менен даңқ шығарып келген. Халқымыздың ҳеш бир тойы палўанлардың гүресисиз, қошқар ҳәм қораз урысысыз өтпейди. Себеби, бул көп жыллық тарийхымыздан берли киятырған дәстүрлер есапланады.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң спорт сарайында 9-май - Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың естелигине арналған миллий гүрес бойынша республикалық турнир болып өтти.
Жарыстың ашылыў салтанатына Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары А.Жаббаров, Қарақалпақстан Республикасы Руўхый үгит-нәсият орайының баслығы Ш.Уснатдинов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, шайыр К.Кәримов ҳәм шайырдың шаңарақ ағзалары қатнасып, жарыс шөлкемлестириўшилери болған Шымбай қаласы ҳәкимиятына, университет жәмәәтине миннетдаршылық билдирди. Бул турнирге пайтахтымыздан, республикамыздың дерлик барлық районларынан жас палўанлар қатнасып, өз-ара күш сынасты.
Беллесиўлер жуўмағында қызлар арасында Ф.Ешназарова (48кг), Ш.Жоллыбаева (52кг), Р.Айтжанова (57кг), Қ.Байманова (63кг) ҳәм А.Алламуратовалар (63кг дан жоқары) салмақ категорияларында жеңимпаз деп табылды.
Ал, ер балалар арасында К.Жамалов (60кг), М.Қудайбергенов (66кг), Т.Дәўлетназаров (73кг), А.Абдуллаев (81кг) ҳәм Т.Сейтмуратовлар (90кг) жеңимпаз болған болса, шоманайлы М.Абдихаликов жарыстың абсолють жеңимпазы атанды.
Жарыс соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Р.АРЗИЕВ,
арнаўлы хабаршымыз.